Салық комитети баслығының биринши орынбасары Мубин Мирзаев жумыстан босатылды

6

Мәмлекетимиз басшысы теманы даўам еттирип, Шайхантаҳур районы салық инспекциясы тәрепинен “Чорсу” базарында төлем тәртибиниң орнына қойылмағаны, “Малика” саўда комплексинде болса жағдай буннан да аянышлы екенин көрсетип өтти.

Комплексте 1,5 мыңға шамалас исбилермен жумыс алып барса да, олардың тек төрттен бири дизимнен өткен, 25 проценти айына 1 миллион сум да салық төлемей атыр. Сондай-ақ, декабрь айында пластик карталар арқалы шешип алынған 600 миллиард сумлық саўда түсимлери жасырылған.

Ташкент қалалық салық басқармасы бюджет режесин жақсы ислеп атырған исбилерменлерге артықша төлем ендириў есабынан орынламақта. Соның ишинде, 46,4 мың кәрханадан 876 миллиард сум артықша төлем өндирилген.

Салық комитетинде қосымша қун салығынан жасалма артықша төлем пайда етиў арқалы оны бюджеттен нызамсыз қаплаў жағдайлары көбейген. Өткен жылы бул салықты нызамсыз қайтарыў бойынша 20 салық хызметкерине жынаят иси қозғатылған.

Бул бағдарға жуўапкер болған, жети жылдан берли ислеп киятырған комитет баслығының биринши орынбасары Мубин Мирзаевтың бийпәрўалығы ҳәм жуўапкершиликсизлиги көрсетип өтилди.

 

Мәжилисте М.Мирзаев жумыстан алынды.

ӨзА