Ташкент қаласында жасырын ҳәм бақланбайтуғын экономика 60 триллион сумға жеткен, бул бюджет жылына 7,5 триллион сумды жоғалтпақта дегени

23

Тек ғана акциз салығын төлеўшилер өндирис ҳәм реализациялаў көлемин жасырғаны ақыбетинде 66 миллиард сум салықтан қашқан.

Жасырын экономикаға қарсы гүресиў ҳәм салық ҳәкимшилиги бойынша пайтахт салық уйымларының жумысы улыўма қанаатландырарсыз екени атап өтилди.

Мәселен, қосымша қун салығын төлеўшилердиң дерлик 30 мыңы ҚҚСтың бир сумын да төлемеген. Ямаса саўда, сервис ҳәм улыўма аўқатланыўдағы касса аппаратының төрттен бир бөлеги пайдаланылмай атыр.

Айырым салық басшылары түсимди көбейтиў орнына тырнақша ишиндеги “исбилермен”лерге “қәўендерлик” етиў менен бәнт екени көрсетип өтилди. Мәселен, қалада өткерилген тексериўлерде 70 миллиард сум салық есапланбай қалғаны анықланған. Кейинги еки жылда қалалық салық уйымларының 19 хызметкери коррупция бойынша жынайый жуўапкершиликке тартылған, бюджетке 27 миллиард сум зыян жеткерилген.

Өткен ҳәптеде Мырза Улуғбек районы салық инспекциясының  баслығы Д.Усманов жумыстан алынып, жынаят иси қозғатылды. Ол инспекция имаратының бир бөлегин жеке мақсетте ижараға берип, 315 миллион сумды өзлестирген, жумысында топарларға бөлиниў ҳәм шағалмәсликке берилген.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

 

ӨзА