Бурын тек ғана “көше” деп көрилген шөлкемлескен жынаятшылық бүгин “бизнес нықабы” астында дәраматлы тараўларға кирип атырғаны айтылды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Сырт елге барып алып, шөлкемлескен жынайый топарлар шөлкемлестирген, ол жерде өз пуқараларымызды да тонап атырған шахслардың жумысына шек қойыўдағы немқурайдылықлар сынға алынды.
Буннан тысқары, бурын тек ғана “көше” деп көрилген шөлкемлескен жынаятшылық бүгин “бизнес нықабы” астында дәраматлы тараўларға кирип бармақта. Әсиресе, жынайый топарлардың жумысы көп қабатлы турақ жайлар ҳәм автомашиналар алды-сатты, финанслық пирамидалар шөлкемлестириў, “Ҳаж” ҳәм “Умра” зыяратына жибериўде бираз көбейген.
Қалада квартира сатыў мәселесинде 3 мыңнан аслам пуқараға 1,3 триллион сум зыян жеткерилген.
Жуўапкерлер халықтың алдаўшылардың дузағына түсип қалмаўы ушын ҳуқықый саўатлылығын арттырыў бойынша жумыс ислемей атырғаны көрсетип өтилди.
ӨзА