Соңғы үш айда республика бойынша 50 ге шамалас ири наркотопарлар усланған

Президентимиз нәшебентлик жынаятшылығы ҳәм шөлкемлескен топарларға қарсы гүресиў бойынша нәшебентлик каналларының ақырғы дереги ҳәм қәўендерлерине шекем жетип барыў ушын жуўапкерлерде исеним жетиспей атырғанын сынға алды.
Пайтахтта наркожынаятлардың саны 4 мыңнан артқан. Қолға алынған 112 шөлкемлескен жынайый топар 1 мың 300 ден аслам жынаят ислеген.
Бул жынаятлар ушын айыплы деп табылғанлар жазасының ярымын да өтеместен азатлыққа шықпақта. Ақыбетинде бул жынаятты қайтадан ислегенлер үш жылда 125 процентке көбейген.
Президент Администрациясы шуғылланыўды баслағаннан кейин бул мәселеде өзгерис болғаны атап өтилди. Соңғы үш айда республика бойынша 50 ге шамалас ири наркотопарлар усланып, ярым тонна наркотиклер айланысына шек қойылды.
– Ең жаманы, сырт мәмлекетлерде де өзимиздиң пуқаралар шөлкемлескен топарлар дүзип, елимизден барғанларға алдаўшылық, зорлық, исбилерменлигине зыян салыў менен шуғылланбақта. Өзбеклердиң сырт елдеги ғалабалық тәртипсизликлер елимиздиң абырайына зыян жеткермекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өткен жылдың өзинде сырт елде аўыр жағдайда қалған 3 мың 700 пуқарамыз елимизге қайтарылды. 192 пуқара адам саўдасы қурбанына айланды.
ӨзА