Коррупцияға қарсы гүресиў – раўажланыўдың әҳмийетли шәрти

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Б.Матмуратовтың қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Онда мәмлекетлик уйымлардың Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм “Комплаенс-қадағалаў” бөлимлериниң қәнигелери қатнасып, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мәселелери додаланды.
Атап өтилгениндей, 2025-жыл 26-декабрь күни Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған гезектеги Мүрәжаты мәмлекетимиздиң раўажланыўында жаңа басқышты баслап берди. Онда жәмийет ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған машқалалар ашық ҳәм сын көзқарастан талқыланып, оларды сапластырыўға қаратылған анық ўазыйпалар белгиленди.
Коррупция тек ғана экономикалық өсиўге емес, ал әдиллик ҳәм нызам үстинлигиниң тәмийинлениўине, пуқаралардың мәмлекетке болған исенимине үлкен зыян жеткермекте. Сонлықтан да, бул иллетке қарсы гүресиўди жаңа басқышқа алып шығыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында белгиленди.
Президентимиз бул мәселеде қатаң позициясын билдирип, “Елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2026-жылы “айрықша жағдай” жәриялаймыз”, деп атап өтти. Бул пикир мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жуўапкер шахслардың жуўапкершилигин күшейтиў ҳәм коррупциялық жағдайларға пүткиллей маўасасыз қатнасты қәлиплестириўге қаратылған әҳмийетли сиясий ерк-ықрардың айқын көриниси болып есапланады.
Мүрәжатта белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда, коррупцияға қарсы гүресиўде барлық мәмлекетлик уйымлардың, жәмийетлик институтлар менен пуқаралардың белсене қатнасыўын талап етеди. Нызам үстинлигин беккемлеў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў, ашық-айдынлықты кеңейтиў арқалы бул иллетке шек қойылыўы мүмкин.
Президентимиздиң Мүрәжатында алға қойылған идеялар ҳәм басламалар мәмлекетимизде коррупциядан жырақ орталықты қәлиплестириў, әдалатлы жәмийет қурыў ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиўде әҳмийетли бағдар болып хызмет етеди.

Ушырасыўда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги