Машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнеттиӊ тән алыныўы

Бажыхана хызмети мәмлекетимиз ишки ҳәм сыртқы сиясатының ажыралмас бөлеги, елимиздиң экономикалық қәўипсизлигин беккемлеў, миллий мәплерин қорғаўдың әҳмийетли ҳәм нәтийжели механизми болып есапланады. Әсиресе, бүгин жедел пәтлер менен раўажланып атырған сыртқы экономикалық байланыслар шараятында бажыхана уйымларының орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта. Соның ушын да тараў хызметкерлериниң машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы хызмети ҳәмийше қәдирленеди.

Пайтахтымызда 26-январь – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген салтанатлы байрам илажында усы тараў белсендилери ҳәм ветеранларының мийнетлери және бир мәрте тән алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинетиниң ўәкиллери, сенаторлар, депутатлар, тараў белсендилери, тийисли министрликлер менен уйымлардың басшылары қатнасқан бул илажда дәслеп мәмлекетимиздиӊ гимни жаңлады.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан бажыхана тараўы хызметкерлерине қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаментиниң басшысы – Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

Қутлықлаўда атап өтилгениндей, ғәрезсизлик жылларында бажыхана уйымлары мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў, миллий мәплеримизди қорғаў ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын сақлаўда мәмлекеттиң исенимли таянышы болып келмекте. Атап айтқанда, Жаңа Өзбекстан шараятында бажыхана уйымлары заманагөй, ашық ҳәм нәтийжели системаға айланып, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.

Тараўдағы түпкиликли реформалар себепли кейинги жылларда бажыхана рәсмийлестириўи ўақты қысқартылды, декларациялардың 20 проценти инсан факторысыз әмелге асырылмақта. Өткен жылы 76,2 триллион сум бажыхана төлемлери өндирилип, бул көрсеткиш 21 процентке артты ҳәм оның мәмлекетлик бюджет дәраматларындағы үлеси 25 процентке жетти.
Тараў хызметкерлери тәрепинен товарлардың нызамсыз айланысына шек қойыў, қәўип-қәтерлерди алдыннан таллаў, товарларды рәсмий импортқа тартыў бағдарында да үлкен жумыслар әмелге асырылды. Ири муғдардағы нәшебентлик, психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлердиң нызамсыз айланысына шек қойылыўында да олардың үлеси үлкен.

– Мәмлекетимиз басшысының бажыхана тараўы хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўын дыққат пенен тыңладық, – дейди Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитетиниң баслығы Акмалхўжа Мавлонов. – Онда бажыхана системасының турмысымыздағы орнына жоқары баҳа берилиўи менен бирге, келешекте бул тараўды буннан былай да раўажландырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, пидәкерлик пенен хызмет етип атырған хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды системалы даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди. Булардың барлығы бизге мақтаныш бағышлаў менен бирге, жумысымыздағы жуўапкершиликти және де арттырыўға түртки берди. Алдымызға қойылған тийкарғы ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў ушын буннан былай да бар билим ҳәм потенциалымызды, тәжирийбемизди, имканиятларымызды жумсаймыз.

Илажда атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстан шараятында бажыхана системасын реформалаў, оны заманагөй талаплар ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында жетилистирип барыў мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бирине айланбақта. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде бажыхана уйымларының жумысы пүткиллей модернизацияланбақта. Әсиресе, соңғы жыллары тараўда халықаралық стандартларға бейимлестирилген тәртип-қағыйдалар енгизилгени, электрон декларациялаў ҳәм қәўип-қәтерлерди басқарыў системалары ҳәм басқа да бир қатар жаңа заманагөй бағдарлама ҳәм технологиялардың әмелиятқа енгизилгени мақсетке муўапық болмақта. Булар бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўинде инсан факторын азайтыўға, ашық-айдынлықты арттырыўға, тийкарғысы, исбилерменлерге сыртқы саўда жумысы менен еркин шуғылланыў имканиятын жаратыўға хызмет етип атыр.

Комитеттиӊ берген мағлыўматларға бола, өткен төрт жылдың өзинде республикамыздың товарлар сыртқы саўда айланысы 68 процентке артып, 2025-жылдың жуўмағы бойынша 55 млрд. 412 млн. долларды қураған. Тараўдағы реформалар себепли ири шегара өткериў пунктлеринде жүк автотранспортларының күнлик орташа өткериўшеңлиги 1,5 мыңнан 3,3 мыңға жетти. Экспортты әпиўайыластырыў мақсетинде “Экспорт үш қәдемде” бағдарламасы иске қосылып, 9 басқышлы тәртипти 3 есеге қысқартыўға, тийкарғысы, өткен жылы 30 мыңға шамалас сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының артықша қәрежети ҳәм ўақтының үнемлениўине ерисилди.

Усы жерде, қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары әмелге асырылған бажыхана обектлери де аз емес. Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, “Ташкент-АЭРО” комплекси ҳәм Миллий кинология орайының ҳәкимшилик имаратлары толық реконструкцияланды. Он шегара посты толық оңланды. Қуўанышлы тәрепи, Хорезм ҳәм Ферғана ўәлаятлары хызметкерлери ушын 85 квартиралы еки хызмет үйи пайдаланыўға тапсырылды.

Ҳәзирги ўақытта Қазақстан менен шегарадағы ең ири постлардан бири – “Ғишткўприк” посты да заман талаплары тийкарында қайта қурылып, пайдаланыўға таяр ҳалға келтирилди. Пүткиллей жаңа көринисте қурылған бул пост енди күнине 1,5 мыңнан аслам автотранспорт ҳәм 50 мыңнан аслам жолаўшыны арқайын өткере алады.

Санластырыў бағдарындағы жаңаланыўлар нәтийжесинде алпысқа шамалас бажыхана постларының жумысы оптималластырылып, оларда нормал жумыс режими енгизилди. Санластырыў тараўында ерисилип атырған жетискенликлер нәтийжесинде санлы трансформация рейтингинде Бажыхана комитети мәмлекетлик уйымлар арасында үш жылдан берли 1-орынды иелеп келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде бажыхана уйымлары халықтың дәрти менен жасайтуғын, оған бийғәрез хызмет ететуғын, жергиликли кәрханалар, исбилерменлер менен тығыз ислеп, оларға барлық әмелий жәрдемлерди көрсететуғын система сыпатында да қәлиплести. Бул бағдарда система уйымларының қатнасыўында өткен төрт жылда отыздан аслам объектте қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Бир неше улыўма билим бериў мектеплери, спорт комплекслери, “Сақаўат” ҳәм “Мүриўбет” үйлери, балалар бақшалары пайдаланыўға тапсырылды.

Халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў мақсетинде қабыл етилген “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы ҳәм аймақлардың гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларына әмелий жәрдем көрсетиў бағдарларында Самарқанд, Сырдәрья, Қашқадәрья, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятлары және Ташкент қаласындағы жәми 2 мыңға шамалас мәҳәллелерде анықланған машқалаларды сапластырыўда бажыхана хызметкерлери белсене қатнасты.

Салтанатлы илажда тараў пидайыларының қатнасыўында Ўатанымыздың раўажланыўы жолында әмелге асырылып атырған әне усындай артқа қайтпайтуғын реформалар атап өтилди.

Илажда, сондай-ақ, система хызметкерлери арасында өткерилген таңлаў шеңберинде “Ең жақсы аймақлық бажыхана уйымы баслығы”, “Ең жақсы сорастырыўшы хызметкер”, “Ең жақсы жас кинолог” сыяқлы оннан аслам номинациялардың жеңимпазлары сыйлықланды.

Усынылған байрам концерт бағдарламасы болса қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги