Р.Султанхўжаев ҳәм А.Ўрмоновқа “сөгис” берилип, алты айлық сынақ мүддети тайынланатуғыны белгиленди

17

Ташкент қаласы ишки ислер системасындағы тергеўши ҳәм сорастырыўшылардың жумысында сапа жоқ екенлиги көрсетип өтилди. Мәселен, хызметкерлерде маманлық жетиспегенлиги ушын өткен жылы 833 жағдай бойынша жынаят иси қозғатылмай, есаптан жасырылған.

“Қалада жынаятшылық 2 мыңға азайтылды” деп есабат берилгенине қарамастан пайтахттағы 26 мәҳәлле “қызыл”, 465 и “сары” категорияда қалған.

Республикадағы 208 район ишинде Чиланзар шаңарақлық зорлық, тонаўшылық, бийзарылық бойынша, Юнусабад басқыншылық бойынша биринши орында. Ямаса өткен жылы Яшнабад ҳәм Мирабадта адам өлтириўшилик, Алмазарда дене жарақаты, Шайхантаҳурда тонаўшылық жағдайлары ең көп болған.

Соның ушын, жақында усы районлар ишки ислер баслықларының барлығы жаңадан қойылды. Олар баслама көтерип, аймағында жынаятшылықты жылаўлаў бойынша кескин өзгерис ислеўи керек екенлиги көрсетип өтилди.

Жынаятларды ашыў ҳәм алдын алыў орнына Ташкент қаласы ИИББ баслығы Р.Султонхўжаев, Ташкент қаласы прокуроры ўазыйпасын атқарыўшы. А.Ўрмонов тек ғана микроавтобуста қала айланыў менен бәнт екени сынға алынды.

Атап өтилгениндей, олар 12 район ҳәкими, ишки ислер баслығы, прокуроры, “мәҳәлле жетилиги” ҳәм жәмийетшилик пенен аўызбиршиликте ислесе, 7,5 мың жынаяттың алдын алыў мүмкин еди.

Р.Султанхўжаев ҳәм А.Ўрмоновқа “сөгис” берилип, алты айлық сынақ мүддети тайынланатуғыны белгиленди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қәўипсизликке тиккелей қәўип туўдырып атырған шөлкемлескен жынаятшылық, наркожынаятшылық, кибержынаятлар ҳәм жасырын экономика бойынша тәсиршең илажларды белгилеў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА