Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси сын көзқараста басланды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қәўипсизликке тиккелей қәўип туўдырып атырған шөлкемлескен жынаятшылық, наркожынаятшылық, кибержынаятлар ҳәм жасырын экономика бойынша тәсиршең илажларды белгилеў бойынша видеоселектор мәжилиси сын көзқараста басланды.
– Бул машқалалардың ҳәр бири өз алдына қәўипли. Бирақ олардың биргеликте ҳәрекет етип атырғаны және де үлкен қәўипти жүзеге келтиреди, – деди Президентимиз.
Мәжилис Ташкент қаласында өтип атырғаны бийкарға емес. Соңғы тоғыз жылда пайтахттың турақлы халқы 1 миллионға көбейди, транспорт қураллары 2 есеге артып, 800 мыңға жетти. Күнине және 1 миллион адам келеди, 350 мың транспорт кирип-шығады.
42 мектеп, 426 бақша, дерлик 36 миллион квадрат метр саўда объекти ҳәм 145 мың квартиралы турақ жай қурылды. Пайтахт экономикасы 367 триллион сумнан, оның жан басына жыллық көлеми болса 116 миллион сумнан артты.
Яғный Ташкент қаласы тек ғана министрликлер жайласқан ҳәкимшилик аймақ емес, ал республиканың экономикалық, социаллық ҳәм мәдений орайы сыпатындағы орнын және де беккемледи. Бир сөз бенен айтқанда, пайтахтта экономикалық раўажланыў дәрежеси сезилерли артты.
Қайсы жерде турмыс сапасы жақсыланса, дәрамат көбейсе, сол жерде “аңсат пул табыў” ҳәрекетинде болған жынайый структуралар да жеделлеседи. Жынаяттың жаңа усыл ҳәм қураллары да, бәринен бурын, усы жерде пайда болады.
ӨзА