Прокурор Нөкисте қабыллаў өткерди

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов халық пенен тиккелей ҳǝм ашық-айдын сǝўбетлесиў, оны қыйнап атырған системалы машқалаларды анықлаў ҳǝм оларды қысқа мүддетлерде нызамлы шешиў мақсетинде тараў жуўапкерлери қатнасыўында халық пенен қабыллаў өткерди.
Қабыллаўда 20 ға шамалас физикалық ҳǝм юридикалық шахслар ўǝкиллериниң тийкарынан тергеў-сорастырыў, суд процесслеринен наразылықлары бойынша ҳǝм басқа да усы сыяқлы социаллық-экономикалық машқалалар бойынша мүрǝжатлар тыңланды.
Социаллық тараўға байланыслы келип түскен мүрǝжатлардың айырымлары орнында унамлы шешилген болса, қалғанларына ҳуқықый түсиниклер берилди. Тексериў талап етилетуғын мүрәжатлар жазба түрде қабыл етилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги