Мүддетли әскерий хызметкерлер усыныснама алыў ушын сынақтан өтпекте

Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасында әскерий округке қараслы әскерий бөлим ҳәм мәкемелерде мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерлер Жоқары оқыў орынларына жеңиллетилген түрде кириў имканиятын беретуғын усыныснамаларды қолға киргизиў мақсетинде тест сынақларында қатнаспақта.
Атап айтқанда, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң қәнигелери тәрепинен тест сынақлары әскерлердиң билим ҳәм таярлық дәрежесин қалыс баҳалаў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Тест процесслери даўамында мүддетли әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлығы, сондай-ақ, математика ҳәм физика пәнлери бойынша билимлери және логикалық пикирлеў көнликпелери сынақтан өткерилди.



Ҳәр жылы өз хызмет ўазыйпасын ҳүжданлы орынлаған, жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлықта мүнәсип нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, тест сынақларында жоқары көрсеткишлерди көрсеткен мүддетли әскерий хызметкерлерге жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде қосымша жеңиллик беретуғын усыныснамалар берилетуғынын атап өтиў керек. Бул имканият жас әскерлердиң билимге болған умтылысын және де күшейтип, олардың келешектеги кәсиплик ҳәм жеке раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратпақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги