Ата-бабалар мийрасы – руўхый күш дереги

37

Арқа-батыс әскерий округинде әскерий хызметкерлердиң интеллектуаллық потенциалын арттырыў, уллы бабаларымыздың бийбаҳа руўхый мийрасын терең үйрениў ҳәм жас әўлад қәлбинде Ўатанға садықлық, миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин беккемлеў мақсетинде “Заҳриддин Муҳаммед Бабур изинен” таңлаўының округлик басқышы өткерилди.

Таңлаў үш шәрт тийкарында Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның “Бабурнама” шығармасындағы тарийхый, руўхый ҳәм әскерий-стратегиялық көзқараслары, сондай-ақ, уллы бабамыздың дүнья цивилизациясына қосқан үлкен үлеси бойынша билим ҳәм потенциалын көрсетти. Жарыслар даўамында әскерий хызметкерлердиң тек теориялық билимлери емес, ал логикалық пикирлеўи, сөйлеў мәденияты, дөретиўшилик қатнасы ҳәм жәмәәт пенен ислесиў көнликпелери де сынақтан өткерилди.

Таңлаў жуўмағында билимге болған умтылысы ҳәм руўхый жетиклиги жоқары баҳаланып, белсене қатнасқан жәмәәт ҳәм әскерий хызметкерлер министрлик басқышында қатнасыў жолламасы ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги