Ҳаж ҳәм Умра зыяратына барыўшылар ушын жаңа қарар қабыл етилди

12

“Ҳаж” ҳәм “Умра”ға барыў ушын енди бирден-бир портал арқалы дизимнен өтиў мәжбүрий етип белгиленди.

“Ҳаж” ҳәм “Умра” илажларын шөлкемлестириў системасын санластырыў ҳәм жетилистириўге қаратылған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң (2026-жыл 24-январь. 27-сан) қарары қабыл етилди.

Усы ҳүжжет пенен республикамызда “Ҳаж ҳәм Умра бирден-бир порталы” иске қосылды. Енди муқаддес зыяратқа барыў тилегинде болған пуқаралар ушын усы портал арқалы дизимнен өтиў мәжбүрий етип белгиленди.

Қарарға муўапық, жаңа тәртип төмендеги мүддетлерден баслап күшке киреди:

2026-жыл 1-февральдан баслап – “Ҳаж” илажына;

2026-жыл 1-майдан баслап – “Умра” илажына барыў ушын порталда дизимнен өтиў шәрт.

Зыяратшылар ҳаққындағы мағлыўматлар порталға киргизилместен турып сапарларды шөлкемлестириўге жол қойылмайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги