Өзбекстан велоспорт федерациясы Азия велоспорт конфедерациясы менен бирге ислесиў келисимине қол қойды

18

Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Өзбекстан велоспорт федерациясының баслығы Танзила Норбоева Азия велоспорт конфедерациясының жаңадан сайланған президенти Дато Амаржит Сингх пенен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан велоспорт федерациясы ҳәм Азия велоспорт конфедерациясы арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекетимизде велоспорт мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қоллап-қуўатланып атырғаны, заманагөй инфраструктура жаратылғаны ҳәм спортшылардың халықаралық майдандағы нәтийжелери избе-из өсип атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, миллий ҳәм паравелоспорт сайланды командаларының Олимпия ойынлары ҳәм жәҳән жарысларындағы қатнасыўы мәмлекеттиң жоқары потенциалын көрсетип атырғаны атап өтилди.

Тәреплер Бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойды. Келисим шеңберинде Өзбекстанда регионаллық оқыў-шынығыў орайын шөлкемлестириў, халықаралық жарысларды Конфедерация календарында кеңейтиў, қәнигелер таярлаў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, ҳаял-қызлар ҳәм паравелоспортты қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды жеделлестириўге келисип алынды.

ӨзА