Nipah вирусының қәўпи ҳәм оны ертерек анықлаў жолы айтылды

Nipah вирусының инкубация дәўири 45 күнге шекем даўам етиўи мүмкин. Бул болса, Ҳиндстанда вирусты жуқтырған турист ўатанына қайтып, кеселликти өзи менен алып келиў итималы бар екенлигинен дерек береди.
Шыпакерлердиң айтыўынша, вирус биринши мәрте анықланған дәрья аты менен аталған болып, оның тәбийғый тасыўшылары – жарғанатлар ҳәм олар арқалы зыянланатуғын үй ҳайўанлары, әсиресе шошқалар болып есапланады. Сол себепли Қубла-Шығыс Азияның аўыллық аймақларындағы шошқа фермаларында ислеўшилер жоқары қәўип топарына киреди.
Атап өтилиўинше, вирус аўыр асқыныўлар ҳәм өлимшилик жағдайларының жоқары үлеси менен ажыралып туратуғын оғада қәўипли инфекциялар категориясына киреди. Соның менен бирге, айырым зыянланғанларда кеселлик белгисиз ямаса жеңил түрде өтиўи де мүмкин.
Вирустың дәслепки белгилери анық емес болып, әпиўайы грипп ямаса ӨРВИды еслетеди: жоқары температура, ҳәлсизлик, бас аўырыўы. Бул болса, әсиресе, вирус адамнан адамға жуғыўы мүмкин екенин есапқа алғанда, ерте диагноз қойыўды қыйынластырады. Шыпакерлердиң атап өтиўинше, Nipah вирусына гүман туўылғанда, шыпакерге эндемик аймақларға етилген жақын сапарлар ҳаққында әлбетте хабар бериў жүдә әҳмийетли, сонда мақсетли тексериўлер тайынланады.
Вирус дем алыў системасы ҳәм орайлық нерв системасын зыянлап, энцефалитке алып келеди. Кеселликти бастан өткергенлердиң шама менен 20 процентинде неврологиялық асқыныўлар сақланып қалады: созылмалы бас аўырыўлары, сана бузылыўлары, көриў машқалалары, булшық ет ҳәлсизлиги ямаса тутқанақлар.
Иммунолог-шипакерлер Nipah вирусын диагнозлаў жүдә қыйын екенин, оның өлимшилик дәрежеси жоқары екенин ҳәм ол Марбург және Эбола вирусларынан да қәўипли болыўы мүмкин екенин атап өтти. Кеселлик жарғанатлар ямаса шошқалар менен тиккелей қатнас, олардың шығындылары менен патасланған азық-аўқат ямаса ишимликлер арқалы, сондай-ақ, адамнан адамға жақын қатнас ўақтында жуғыўы мүмкин.
Кеселликтиң басланғыш басқышында симптомлар әпиўайы ӨРВИ ге сәйкес келеди, бул болса өз ўақтында диагноз қойыўды және де қыйынластырады. Кейин ала болса вирус мий ҳәм дем алыў системасын зыянлап, эпилептикалық приступлар, руўхый өзгерислер, сөйлеў ҳәм ҳәрекет функцияларының бузылыўы, ләңлик, көриў машқалалары ҳәм тутқанақларға себеп болады.
Еслетип өтемиз, алдынырақ Санитария-эпидемиология комитети Nipah вирусы Өзбекстанда дизимге алынбағанын мәлим еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги