Органикалық шығындылардан дийқаншылықта пайдаланыў усыллары түсиндирилмекте

Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен ҳәкимликлер менен биргеликте Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында суўғарылатуғын жер майданларында қуўраған шөплерден, өсимликлердиң жапырақларынан ҳәм басқа да органикалық қалдықлардан пайдаланған ҳалда тәбийғый төгинлерди таярлаў бойынша оқыў-әмелий семинарлар өткерилмекте.
Семинарлар даўамында органикалық шығындыларды өртеп жибермей, оларды арнаўлы ураларға жыйнаў ҳәм қайта ислеў арқалы топырақтың өнимдарлығын арттырыўға қаратылған нәтийжели усыллар көрсетилмекте.
Гезектеги семинар Тақыятас районындағы Найманкөл аўыл пуқаралар жыйынында өткерилди.
Оған Аўыл хожалығы министрлигиниң басшылары, тийисли қәнигелери, илимпазлар ҳәм тәжирийбели қәнигелер, фермерлер қатнасып, тәбийғый төгинлердиң жердиң өнимдарлылығы ҳәм зүрәәтлилигине тәсири ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Мақсет – аўыл хожалығында экологиялық көзқарасларды кеңейтиў ҳәм өндирис нәтийжелилигин арттырыў.
Семинарда қуўраған шөплердиң, өсимликлердиң жапырақларын, ҳәр қыйлы аўыл хожалығы өнимлериниң қалдықларын өртеп жибермей, арнаўлы шуқырларға жыйнаў ҳәм қайта ислеў арқалы тәбийғый төгинлерди таярлаў процесслери көрсетилди.
Атап өтилгениндей, бул усыл қоршаған орталыққа зыян келтирмей топырақтың өнимдарлығын арттырыў, органикалық элементлерге бай төгинлерди алыў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, илажда усы технология арқалы ҳаўаға зыянлы затлардың шығарылыўының алдын алыў, аўыл хожалығында “жасыл технологиялар”ды кеңнен енгизиў имканиятлары ҳаққында түсиниклер берилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.






Мағлыўмат ушын, усы жылдың 26-январь – 3-февраль күнлери белгиленген график тийкарында республикамыздың барлық аймақларында тәбийғый төгинлерди таярлаў бойынша оқыў-әмелий семинарлары өткерилиўи белгиленген.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги