Халықты дизимге алыў сораўнамасын қәте толтырғанларға ескертиў жиберилмекте

23

Дизимге алыў сораўнамасын қәте ямаса толық болмаған ҳалда толтырған пуқаралар ушын автоматикалық ескертиў системасы енгизилди. Бул ҳаққында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажының рәсмий бетинде мәлим етилди.

Атап өтилиўинше, айырым жағдайларда сораўнама тек ғана бир шахс атынан толтырылып, оның менен бир квартирада жасайтуғын басқа ағзалар киргизилмей атыр. Еслетип өтилиўинше, туўысқанлық дәрежесине қарамастан, бир шаңарақта жасайтуғын барлық шахслар биргеликте дизимге алыныўы шәрт.

Сондай-ақ, жер майданлары, жетистирилип атырған өнимлер, қарамал ҳәм қуслардың саны толық көрсетилмеў жағдайлары да анықланбақта. Бундай кемшиликлер мәлимлеме системасы арқалы тексерилип, сораўнаманы қайта толтырыў ушын жибериледи.

Онлайн дизимнен өтип, сертификат алған пуқараларға платформаға қайта кирип, сертификат айнасындағы ескертиўлерди тексериў ҳәм қәте болса, сораўнаманы қайта толтырыў усыныс етилди, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги