Өзбекстан Президенти Азия Олимпиада кеңеси Бас ассамблеясы қатнасыўшылары менен ушырасыў өткерди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азия Олимпиада кеңесиниң басшылығы ҳәм шөлкем Бас ассамблеясының қатнасыўшыларын қабыллады.
Ушырасыў алдынан Азия Олимпиада кеңесиниң жаңадан сайланған президенти Шайх Жавон бин Ҳамад Ол Соний мәмлекетимиз басшысына Қатар Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстанға халықаралық спорт ҳәрекетиниң исенимли шериги сыпатында жоқары исеним билдирилип, шөлкем ассамблеясын Ташкентте өткериўге қарар етилгени ушын миннетдаршылық билдирди.

Спортты раўажландырыў “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгиленгени атап өтилди.


Өзбекстан халықаралық спорт шөлкемлери менен бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм әмелий нәтийжелерге ерисиўге қаратылған биргеликтеги бағдарлама ҳәм басламаларды әмелге асырыўға таяр екени атап өтилди.


Илаж жуўмағында Президентимиз спортты раўажландырыў ҳәм спорт тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын Азия Олимпиада кеңесиниң бас директоры, Пүткил жер жүзилик суў спорты федерациясының президенти Ҳусайн ал-Мусалламға Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Дўстлик” орденин тапсырды.
ӨзА