Президент Мүрәжаты ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясы – жәмийетшилик итибарында

22

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжаты ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың әҳмийетин кең жәмийетшиликке тереңнен түсиндириўге бағышланған ағартыўшылық ушырасыў болып өтти.

Өткерилген илаж мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған реформалар, социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарлары, инсан қәдири, жаслар сиясаты, руўхый-ағартыўшылық тараўдағы әҳмийетли ўазыйпаларды мәҳәлле турғынлары, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары Алишер Алланиязов, Қарақалпақстан Республикасы мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов, Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Асқар Примбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги баслығының орынбасары Махсет Турсынов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз Президентиниң Мүрәжатында белгиленген тийкарғы бағдарлар – билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме сәўлеленгенин, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген узақ мүддетли мақсетлер елимизди раўажланған, бәсекиге шыдамлы ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлейтуғын мәмлекетке айландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Илаж даўамында қатнасыўшылар тәрепинен баянатшыларға сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги