46-Бас Ассамблея: Ташкент әнжуманы аўызбиршиликке хызмет етеди

Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Азия Олимпия кеңеси 46-Бас Ассамблеясының бүгинги күн тәртибинен орын алған илажлары даўам етпекте.
Додалаўлар ҳәм белгиленген ўазыйпалар бойынша есабатлар даўамында Ташкент конференциясының әҳмийетли тәреплерине айрықша тоқтап өтилмекте.
Атап айтқанда, 46-Бас Ассамблея жумысында қатнасып атырған Азия Олимпиада кеңесиниң аймақлық вице-президентлери Тимоти Фок, Норза Закариа, Жигел Вангчук, Отабек Умаров, Тани Абдулраҳмонлар континент ойынлары системасына киргизилген спорт түрлериниң раўажланыўы, регионаллық комплексли жарысларды өткериў тәртиби, спортшылардың саламат бәсеки әтирапындағы дослық қатнасықларын беккемлеў, системалы түрде биргеликтеги спорт шынығыўларын шөлкемлестириў, спорттағы глобаллық мәселелерди аўызбиршиликте шешиў бағдарларына айрықша итибар қаратты.
Т.Рўзиев,
Ж.Тошхўжаев,
ӨзА