Миллий қәдириятлар атласы

5

Белгили бир халықтың өзлиги, миллийлиги, өзине тәнлиги, тәкирарланбаслығы, тарийхы ҳәм дәстүрлери оның миллий қәдириятларында сәўлеленеди. Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен өзбек, рус ҳәм инглис тиллериндеги “Миллий қәдириятлар атласы” таярланып, басып шығарылды.

“Миллий қәдириятлар атласы”нда Өзбекстан аймағында қәлиплескен миллий қәдириятлар, руўхый-ағартыўшылық мийрас ҳәм олардың тарийхый тамырлары кең ҳәм системалы түрде сәўлелендирилген.

Өзбекстан адамзат цивилизациясының раўажланыўында әҳмийетли орын тутқан әййемги мәкан сыпатында талқыланып, Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья бассейнлеринде жүзеге келген отырықшы турмыс, дийқаншылық мәденияты ҳәм орташа климат миллий ой-пикир ҳәм қәдириятлардың қәлиплесиўине күшли тәсир көрсеткен. Уллы Жипек жолы арқалы түрли мәдениятлар, илимий ҳәм руўхый жетискенликлердиң өз-ара алмасыўы кеңпейиллик, ашық-айдынлық ҳәм адамгершилик пазыйлетлерин беккемлегени атап өтиледи.

Китапта зардуштийлик, буддизм ҳәм ислам тәлиматларының үйлесиўи, диний ҳәм дүньялық көзқараслардың өз-ара байытыўшы өзгешелиги нәтийжесинде Орайлық Азияда жоқары илимий-мәдений орталық қәлиплескени көрсетип бериледи.

“Авесто” мәденияты, әййемги түркий жазыўлар, халық аўызеки дөретиўшилиги үлгилери, сондай-ақ, илимпазлардың мийрасы миллий қәдириятлардың тийкарғы дереклери сыпатында талланады. Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўиринде илим, мәденият ҳәм ислам қәдириятларының раўажланыўы айрықша тән алынады.

Сондай-ақ, миллет ҳәм миллий қәдириятлар арасындағы өз-ара байланыслылық, олардың этникалық мәкан, тил, тарийхый яд ҳәм генофонд пенен тығыз байланыслылығы ашып бериледи.

Өзбек халқына тән үрп-әдетлер, шаңарақ ҳәм жәмийеттеги әдеп-икрамлылық нормалары миллий қәдириятлардың әмелий көриниси сыпатында талқыланады.

Улыўма алғанда, бул китап-альбом миллий қәдириятлардың тарийхый үзликсизлиги, мийрасхорлығы ҳәм бүгинги жәмийеттиң раўажланыўындағы әҳмийетин сәўлелендириўге хызмет етеди.

Н.Усмонова,

ӨзА