“Фонус” жойбарының презентациясы өткерилди

15

Жәмийетте руўхый орталықты беккемлеўде, инсан қәлби ҳәм санасына унамлы тәсир етиўде көркем өнердиң, атап айтқанда, киноның әҳмийети айрықша. Кино тек ғана кеўилашар қурал емес, ал жәмийетти тәрбиялаўшы, әҳмийетли социаллық ҳәм руўхый идеяларды үгит-нәсиятлаўшы күшли мәдений платформалардан бири болып есапланады.

Соңғы жыллары Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен руўхый үгит-нәсиятлаўдың заманагөй ҳәм нәтийжели түрлери, атап айтқанда, социаллық роликлер ҳәм кинолар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Өткен жылдан баслап орайдың жумысында кино өнимлери арқалы кең жәмийетшиликке социаллық мәселелерди көркем өнер қуралында сәўлелендириў тийкарғы бағдарлардан бирине айланған.

Усы мәнисте, Өзбекстан Миллий кино көркем өнери сарайында болып өткен “Фонус” атлы қысқа метражлы фильмлер топламының презентациясы да өзиниң әҳмийетлилиги менен ажыралып турады.

Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы баслығының биринши орынбасары Бату Алимов кейинги жылларда орай тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, жаңа жойбарлардың әҳмийетине толық тоқтап өтти.

Илаж даўамында тамашагөйлерге төрт қысқа метражлы фильм усынылды. Булар – “Фонус”, “Шегара”, “Қоңсылар” ҳәм “Ийшан қала” фильмлери. Бас режиссёр – Шокир Холиқов.

Бул фильмлер арқалы жәмийетлик турмыста әҳмийетли болған тилеклеслик, инсан қәдири, миллетлераралық татыўлық, илим-ағартыўшылық сыяқлы идеялар көркем образлар арқалы сәўлелендирилген. Ҳәр бир фильм тамашагөйди бийпәрўа қалдырмайтуғын турмыслық ўақыялар тийкарында жаратылған болып, жәмийеттеги машқалалар ҳәм қәдириятларды тереңирек аңлаўға шақырады.

“Фонус” фильминде шетки аўылда мектепти атызға алмастырыўға мәжбүр болған оқыўшыларын илим дүньясына, билимлендириўге алып кириўде тосқынлықларға ушыраған пидайы устаздың өмири, оның пүткил аўылға билим таратыў процесиндеги ўақыялар сүўретленген.

“Шегара” фильминде инсан тәғдири жәмийеттеги өзгерислер менен қаншелли байланыслы екени, инсан бахты гейде бизге сезилмейтуғын өзгерислерде жасайтуғыны сәўлелендирилген. Бул картинада қоңсы мәмлекетлер менен шегаралардың ашылыўы, бәринен бурын, инсан бахты, қәдирин жоқарыға көтергени сәўлелендирилген.

Бүгин жаңа Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара интеграциясы мәселелери халықаралық жәмийетшиликтиң дыққат орайында болмақта. “Қоңсылар” фильми арқалы туўысқан халықлар менен әзелий дос, тилеклес, аўызбиршиликли екенимиз турмыслық ҳәм тәсиршең көринислер, қызғынлық пенен ашып берилген.

Өзине тән форматта жаратылған бул фильмлер тамашагөйлерге унады.

Н.Усмонова, ӨзА