Ҳүрметли бажыхана хызметкерлери!

Сизлерди 26-январь – «Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз!
Бажыхана хызмети мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының ажыралмас бөлеги, мәмлекеттиң экономикалық қәўипсизлигин беккемлеў, миллий мәплерин қорғаўдың әҳмийетли ҳәм нәтийжели механизми есапланады.
Бүгинги күнде жедел раўажланып атырған сыртқы саўда-экономикалық байланыслар шараятында бажыхана уйымларының орны ҳәм әҳмийети артып бармақта.
Сизлердиң машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы жумысларыңызды халқымыз қәдирлейди.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!
Сизлерди бүгинги байрам мүнәсибети менен және бир мәрте қутлықлап, Ўатанымыз раўажланыўы, елимиз тынышлығы ҳәм халқымыз абаданлығы жолында алып барып атырған мақтанышлы ҳәм машақатлы жумысларыңызда табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы