Халқымыз мәҳәлледен басланған реформалар нәтийжесин сезбекте

18

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-январь күни кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2026-жылда әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилис алдында 2025-жылдың жуўмақларына қысқаша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, өткен жылы экономикамыз дәслепки прогнозларға салыстырғанда әдеўир жоқары пәтлерде 7,7 процентке өсип, жалпы ишки өнимниң көлеми 147 миллиард доллардан асты. Экономиканың барлық тармақларында өсиў пәтлери 2024-жылға салыстырғанда жоқары болды. Тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 43 миллиард долларға, экспорт болса 33,8 миллиард долларға жетти.

Жоқары экономикалық белсендилик ҳәм өсип баратырған тутыныў талабына қарамастан, инфляция дәрежеси 2024-жылдағы 9,8 проценттен 7,3 процентке төменледи.

– Экономикалық өсиў қаншелли турақлы болса, инфраструктураны жақсылаўға сонша көп қаржы қаратыў мүмкин болады. Бул болса нәтийжесинде бәнтликти тәмийинлеў, дәраматларды арттырыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын жақсылаўға хызмет етеди, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы артта қалған бир жылда 366 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шыққанын, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде кәмбағаллық дәрежеси 8,9 проценттен 5,8 процентке, жумыссызлық болса 5,5 проценттен 4,8 процентке түскенин атап өтти.

– Булардың барлығы реформаларымыздың нәтийжеси болып, мәмлекет ҳәм халық арасындағы исеним барған сайын беккемленип атырғанынан дерек береди. Бирақ еле алдымызда ислейтуғын жумысларымыз оғада көп, – деди Президент.

Атап өтилгениндей, мәҳәлле реформалар қай жерде ислеп атыр, қай жерде тоқтап атыр деген сораўларға анық жуўап беретуғын тийкарғы буўын есапланады. Егер мәҳәлледе жумыссыз адам ямаса кәмбағал шаңарақ сақланып қалып атырған болса, демек, реформа сол жерге жетип бармаған. Егер “жетилик” системасы халықтың машқаласын шеше алмай атырған болса, демек, система ислемей атыр.

– Имканият бар, қаржы бар, қарар ҳәм бағдарламалар бар. Жетиспей атырған нәрсе – жуўапкершилик ҳәм жеке жуўапкершилик, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз имканиятларды иске қосыўда ҳәкимлер ҳәм “мәҳәлле жетилиги”нде методикалық билим ҳәм әмелий тәжирийбе жетиспей атырғаны, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар болса оларға жетерли дәрежеде жәрдемлеспей атырғанын сынға алды.

Жуўапкерлерге бир ай мүддетте жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық жоқары болған мәҳәллелердиң имканиятларын үйренип, ең жақсы тәжирийбелер тийкарында методикалық қолланба ислеп шығыў тапсырылды. Ҳәкимлер болса орынларда оның орынланыўын тәмийинлеп, халықты жумыс пенен тәмийинлеў, дәраматын арттырыў ҳәм оларды қыйнап атырған мәселелерге анық шешим табыў ушын жеке жуўапкер болады.

Мәжилисте усы жылы 1 миллион халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў, кәмбағаллықтан жырақ мәҳәллелердиң санын 2,5 есеге арттырып, 3,5 мыңға жеткериў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 4,5 процентке түсириў ўазыйпалары белгилеп алынды.

Мәжилисте “аўыр” район ҳәм мәҳәллелерде халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Бәринен бурын, бундай аймақларды турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте 903 мәҳәллениң ҳәр биринде қуўатлылығы 300 киловатт болған киши қуяш электр станциялары қурылып, мәҳәллелерге “бийпул актив” сыпатында бериледи. Бул станциялар есабынан ҳәр бир мәҳәлледе 400-500 миллион сум қосымша дәрамат келтиретуғын “экономикалық актив” қәлиплестириледи.

Алынатуғын “жасыл” дәраматлар “жасыл” илажларды әмелге асырыўға, атап айтқанда, мүтәж шаңарақларды энергия үнемлеўши оңлаў, электр қәрежетлерин азайтыў ҳәм турмыс сапасын жақсылаўға бағдарланады. Қуяш станцияларын эксплуатациялаў жумысларына усы мәҳәллелерде жасайтуғын кәмбағал шаңарақлардың ағзалары жумысқа тартылады.

Бул жумыслар қәнигелесиў дәрежеси жоқары болған және 1 мың алдыңғы мәҳәлледе де әмелге асырылады. Киши қуяш станциялары таяр ҳалда 7 жыл мүддетке мәҳәллелерге процентсиз лизинг тийкарында бериледи.

Президентимиз жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда мәҳәллелердиң қәнигелесиўин және де тереңлестириў шешиўши әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Бүгинги күнде 903 “аўыр” мәҳәлледе 100 мың гектар қыйтақ жер ҳәм ижара жерлери бар. Егер ҳәкимлер “мәҳәлле жетилиги” менен биргеликте суў тәмийнатын жақсылап, туқым- нәл менен тәмийинлеп, қәнигелесиўди системалы жолға қойса, халықтың дәраматы ҳәм турмыс шараятында кескин өзгерис болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Мәҳәллелерде қәнигелесиўди хошаметлеў мақсетинде қосымша финанслық механизмлер енгизиледи. Атап айтқанда, қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары ушын сертификатланған нәллерди сатып алыў қәрежетиниң 50 проценти бюджет есабынан қаплап бериледи. Мийўениң түрине қарап, “шпалер”лер ушын 20 мың сумнан 70 мың сумға шекем субсидия ажыратылады. Қыйтақ жерде тамшылатып суўғарыўды енгизгенлерге ҳәр 1 сотых ушын 160 мың сум компенсация төленеди.

Егер шебер дийқанлар мәҳәлледеги ҳәр 10 шаңарақта экспортқа қолайлы өним жетистириўди жолға қойса, 2 миллион сум, егер буны қыйтақ жери бар шаңарақлардың кеминде 30 процентинде әмелге асырса, қосымша түрде 75 миллион сумнан сыйлық алады.

Сондай-ақ, усы жылы 2 мың гектар тоғай жерлери 4 мың кәмбағал шаңараққа 50 сотыхтан тутзарлық жаратыў ушын 10 жылға бийпул ажыратылады. Пиллешилик кооперациясын шөлкемлестириў ушын жәрдемге мүтәж шаңарақларға 4 миллион сумнан субсидия, үйинде пилле жетистириў тилегинде болғанларға болса шаңарақты үскенелеў ҳәм үскене сатып алыў ушын 20 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи.

Мәжилисте усы жылы киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў ушын 140 триллион сум кредит ажыратылатуғыны белгиленгени атап өтилди.

– Ашығын айтыў керек, ҳәзир банклер барлық район ҳәм қалаларға бирдей шәртте кредит усыныс етпекте. Бирақ Алмазар менен Бозатаўдың имканияты ҳәм шараяты бирдей емес. Соның ушын, 37 “аўыр” районда “шаңарақлық исбилерменлик” бағдарламасы шеңберинде кредитлер 12 проценттен бериледи,-деди Президентимиз.

Барлық районларда “шаңарақлық исбилерменлик” бойынша жеңиллетилген кредиттиң ең жоқары муғдары 1,5 есеге арттырылып, 50 миллион сумға жеткериледи. Импорт етилген ҳәм сертификатланған нәсилли шарўа маллары ушын 100 миллион сумға шекем, үй мийманханасы, киши музлатқыш, өнимди сақлаў ҳәм қайта ислеў минитехнологиялары ушын болса 150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады.

Шегара ҳәм анклав аймақта жайласқан 563 мәҳәлледеги исбилерменлик жойбарларының кредит муғдары 1 миллиард сумға шекем арттырылады. Усы мақсетте “шаңарақлық исбилерменлик” бағдарламаларына режелестирилген 3,6 триллион сумға қосымша түрде және 2 триллион сум ресурс қаратылады.

Мәҳәллелердиң қәнигелесиўин тереңлестириў ушын усы жылы банклер тәрепинен жәми 17 триллион сум кредит ажыратылады. Онда өним жетистириўге алынған кредиттиң 4 проценти, оны қайта ислеў жойбарларында болса 6 проценти компенсация етип бериледи.

Ҳәким жәрдемшилериниң жумысын “жойбарлаў көзқарасы” тийкарында шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәр бир район кесиминде “жойбарлаў көзқарасы” тийкарында әмелге асырылатуғын жойбарлар портфели қәлиплестириледи. “Аўыр” мәҳәллелердеги бос жер участкалары ҳәм мәмлекетлик объектлердиң басланғыш баҳасын 2-3 есеге төменлетип, оларды сатыўға шығарыў әмелияты енгизиледи.

Жумыс орнын жаратыў ҳәм халықтың дәраматын арттырыў бойынша ең жақсы нәтийже көрсеткен 100 “аўыр” мәҳәллеге 1 миллиард сумнан қосымша қаржы ажыратылады. Бул мәҳәллелерде жумыс алып барып атырған ҳәким жәрдемшилери Қытай, Түркия, Корея ҳәм Малайзия сыяқлы мәмлекетлерге бир айлық қәнигелигин арттырыў курсларына жибериледи.

Мысал ретинде Алмазар районындағы “Кайковус” каналы бойлап әмелге асырылатуғын жойбар келтирилген. Бул каналдың 2 километр бөлеги “Ески қала” аймағындағы 8 мәҳәлледен өтеди. Енди бул мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери бирден-бир “жойбарлаў топары”на бирлесип, бир пүтин концепция тийкарында канал бойында саўда, сервис ҳәм дем алыў инфраструктурасын раўажландырыў жумысларын әмелге асырады.

Тап усындай тәртипте туризм, билимлендириў, медициналық хызметлер, реновация, көл бойлары ҳәм ҳәрекет көп көшелер бойынша да ҳәким жәрдемшилеринен ибарат арнаўлы “жойбарлаў топарлары” шөлкемлестириледи.

“Мәҳәлле жетилиги” жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша пайтахтта жолға қойылған тәжирийбе енди барлық район ҳәм қалаларда да енгизиледи. Буннан былай ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшиси мәҳәлле баслығының усынысы тийкарында район ҳәкими тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратты. Мәмлекетимизде халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў бойынша кең көлемли илаж басланғаны атап өтилди.

Ҳәзирги күнге шекем жәми 7 миллион 613 мың шаңарақтан 4 миллион 776 мыңы дизимнен өткен. Бирақ бул процесс Ташкент қаласы, Ферғана, Сурхандәрья, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятында төмен дәрежеде өтип атырғаны көрсетип өтилди.

– Бундай әҳмийетли илаж мәмлекетимизде соңғы 37 жыл ишинде биринши мәрте өткерилмекте. Дизимнен өткериў ҳәр бир мәҳәлле ҳәм ҳәр бир шаңарақтың реал жағдайын анықлаў, келешектеги режелерди усы тийкарда белгилеў, ең әҳмийетлиси, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған нәтийжели механизмлерди енгизиўге хызмет етеди, – деди Президентимиз ҳәм барлық ўатанласларымызды дизимге алыў илажында белсене қатнасыўға шақырды.

Мәжилисте район ҳәкимлери, мәҳәлле баслықлары ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң есабатлары ҳәм усыныслары тыңланды.

Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласының Алмазар районындағы қурылыс жумыслары ҳәм объектлердиң жумысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Хастимом мәҳәллеси Зарқайнар көшесинде шөлкемлестирилген туризм ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин барып көрди.

Туризм аз қаржы менен көп жумыс орнын жарататуғын, халықтың дәраматын ҳәм аймақлардың көринисин жақсылататуғын тараў. Ташкент қаласында бул бағдарда имканиятлар көп.

Соның ишинде, Алмазар районында бул потенциалды толық иске қосыў мақсетинде 447 гектар аймақты қамтып алған жойбар әмелге асырылмақта. Оған бола, 15 мәҳәллени өз-ара байланыстыратуғын районлық әҳмийетке ийе 6 көшеде туризм ҳәм хызмет көрсетиў объектлери қурылады.

Бул жойбардың бир бөлеги – Зарқайнар көшесинде орынланған дөретиўшилик жумыслары. Бул аймақ әсирлер даўамында қәлиплескен тарийхый көриниси, миллий архитектуралық дәстүрлери ҳәм өнерментшилик руўхы менен ажыралып турады.

Республикалық бюджеттен ажыратылған 150 миллиард сум есабынан бул жердеги 576 шаңарақ миллий көринисте оңланып, мәҳәлле тарийхый орталыққа сай келбетке ийе болды.

Жүз исбилермен тәрепинен 166 миллиард сум инвестиция киргизилгени нәтийжесинде 7 мийманхана, 8 ресторан, 5 өнерментшилик орайы, 1 саўда орайы, 125 хызмет көрсетиў объекти шөлкемлестирилди, 1500 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленди.

Мәмлекетимиз басшысы жаңаланған көше бойлап жүрип, миллий архитектуралық усылда оңланған турақ жайлар, абат көшелер ҳәм халық ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди. Усы жерде жасап атырған шаңарақлар, туристлер, өнерментлер менен қызғын сәўбетлести.

– Биз туристлер ушын шараят жаратыўды қәлеймиз, бирақ буның тийкарын да дурыс жолға қойыўымыз керек. Мәселен, өнерментшилик – миллийлигимизди көрсететуғын тийкарғы бағдарлардан бири. Өнерментлерге өним ислеп шығарыўы ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып бериў бизиң ўазыйпамыз. Қәнигели кадрлар таярлаў зәрүр. Усы мақсетте өнерментлер университетин шөлкемлестириў мақсетке муўапық. Биз исбилерменлер менен ушырасып атырмыз, енди өнерментлер менен де өз алдына ушырасыўлар шөлкемлестиремиз, – деди Президент.

Жуўапкерлерге туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў, мәҳәллелердеги тарийхый орталықты қәстерлеп-сақлаған ҳалда экономикалық белсендиликти арттырыў, ең әҳмийетлиси, адамлардың мәпине хызмет ететуғын турақлы системаны қәлиплестириў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Усы жерде мәмлекетимиз басшысына “Алмазар” инновациялық өсиў аймағын раўажландырыў бойынша ислеп шығылған мастер-реже таныстырылды.

Презентацияда аймақты кеңислик-аймақлық раўажландырыў концепциясы, мүтәжликлерди баҳалаў нәтийжелери ҳәм функционаллық зоналастырыў шешимлери көрсетип өтилди.

Бас режесине муўапық, билимлендириў-инновация, туризм ҳәм саўда, мәдений мийрас, бизнес ҳәм IT хызметлерин қамтып алған “раўажланыў коридорлары” қәлиплестириледи.

Ески қаланың әтирапында Студентлер қалашасы, университет ҳәм технопарклер, денсаўлықты сақлаў объектлери, сондай-ақ, Ислам цивилизациясы орайы, Ҳәзирети Имам комплекси, Чорсу ҳәм тарийхый қала орайын өз ишине алған туризм бағдарлары өз-ара байланысады. Соның менен бирге, арқа орай исбилерменлик аймағында офислер, IT -парк ҳәм бизнес орайларын раўажландырыў нәзерде тутылған.

Бас режени әмелге асырыў арқалы тарийхый мийрасты сақлаған ҳалда заманагөй инфраструктураны раўажландырыў, аймақтың экономикалық потенциалы ҳәм қала орталығын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мақсет етилген.

– Ҳәр бир көше ушын кеминде бес жыллық мастер-реже ислеп шығыў зәрүр. Кеше Швейцарияның Давос қаласында имаратлар сақланған ҳалда, қала орталығы шараятқа сәйкес түрде раўажландырылып атырғанын көрдим. Биз де ески қаланы қәстерлеп сақлаўымыз, және де раўажландырыўымыз шәрт. Усы мақсетте өз алдына “Ески қала” бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент Шавкат Мирзиёев Алмазар районындағы “Синомед” көп тармақлы медицина орайының жумысы менен де танысты.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 10-ноябрь күни медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен болып өткен ушырасыўда медициналық хызметлердиң 30 проценти жеке меншик сектор тәрепинен көрсетилип атырғаны, келешекте медицинада жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў ҳәм қосымша шараятлар жаратыў даўам еттирилетуғынын айтқан еди.

Әне усы мақсетлерге муўапық, елимизде көп тармақлы медицина орайларының жумысына кең имканиятлар жаратып берилмекте.

Алмазар районында жайласқан “Синомед” көп тармақлы медицина орайы бүгинги күнде әҳмийетли болған барлық бағдарларда, соның ишинде, туўыў, педиатрия, хирургия, травматология, ортопедия, эндокринология ҳәм басқа да бағдарларда жумыс алып барып келмекте. Орай 30 миллион доллар есабынан қурылған болып, ондағы үскенелер Уллы Британия, Италия, Япония ҳәм Германия мәмлекетлеринен алып келинген.

Клиникада диагностика ҳәм стационар бөлимлери бар. Орай жылына төрт ярым мың наўқасты қабыллаў қуўатлылығына ийе. Бул жерде 300 ден аслам жумыс орынлары жаратылған болып, 80 нен аслам шыпакер жумыс алып бармақта. Олардың 60 ы сырт елде, атап айтқанда, Қубла Корея, Германия, Түркия, Ҳиндстан, Япония, Америка сыяқлы мәмлекетлерде тәжирийбе арттырған шыпакерлер болып есапланады. Соның менен бирге, клиникада сырт елли қәнигелер де жумыс алып бармақта.

Бул орайдың қурамында Ташкент қаласында биринши жеке меншик туўыў комплекси иске қосылған болып, бир ўақыттың өзинде 30 ҳаялға хызмет көрсете алады. Келешекте орынлардың санын және де көбейтиў бойынша жумыслар алып барылмақта. Балаларды шаншыў, профилактикалық тексериўлер де усы жерде өткериледи.

Клиникада колл-орайлар, арнаўлы патронаж жәмәәтлери шөлкемлестирилген. Наўқаслардың үйине шыққан ҳалда тексериў өткериў имканиятлары да бар.

Буннан тысқары, республикадағы ең ири жеке меншик вакцинация орайы, жеке меншик сектордағы бирден-бир стерилизация орайы да шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы көп тармақлы медицина орайында көрсетилип атырған хызметлер, наўқаслар ушын жаратылған имканиятлар, соның ишинде, амбулатор шараятта емлеў ханалары менен танысты.

Соның менен бирге, аналық ҳәм балалық бағдарында ҳаялдың ҳәмиледар болыўдан баслап туўыўға шекем, туўыў ҳәм оннан кейинги дәўир ушын таярланған системалы процесслерди көрип шықты.

– Туўыў хызмети, әсиресе, туўыўға шекем бақлаў ең әҳмийетли мәселелерден бири. Әсиресе, биринши перзентти дүньяға келтириў ана ушын стресс болмаўы керек.

Оған шекем ҳаял турақлы бақлаўда болса, ўақтында емленип барса, онда өзин абайлаў, саламат аналық, саламат балалық ҳаққында түсиник пайда болады, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы көп тармақлы орайда шөлкемлестирилген балалар майданшасында ойнап атырған кишкене балалар менен сәўбетлести.

– Ең үлкен жетискенлигимиз, сизлердей шыпакерлер өзлери алған билимлерди елимизде қолланып атыр. Усы жерде айтыў керек, жеке меншик медицинаны енгизиў менен бирге бәсекини де умытпаў керек. Бәсеки болса ғана, адамларда таңлаў болады. Жеке меншик емлеў орайлары көбейсе, халық емлениў ушын берген пулына жараса сапалы хызметке ийе болады, – деди мәмлекетимиз басшысы клиника жәмәәти менен сәўбетте.

 

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Абдулазиз РУСТАМОВ,

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзА