Ташкентте Азия Олимпиада кеңесиниң 46-Бас Ассамблеясы басланды

25

Материктиң 45 мәмлекетинен Миллий Олимпиада комитетлери ҳәм халықаралық спорт экспертлериниң қатнасыўында өткерилип атырған бул абырайлы әнжуман Жаңа Өзбекстанның ири халықаралық илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў потенциалын және бир мәрте көрсетпекте.

Ҳәзирги ўақытта, Азия Олимпиада кеңеси ағзалары тәрепинен түрли мәселелер көрип шығылмақта.

Бул 46-Бас ассамблея мәжилисинде Азия олимпиада кеңеси президентлигине сайлаўлар болып өтеди.

Еслетип өтемиз, 2022-жылы Ташкентте Азия Олимпиада кеңеси Атқарыў комитетиниң мәжилиси жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген еди.

ЎзА