Алимент төлемеген әке қамаққа алынды

Әмелдеги нызамларымызда ержетпеген баланы тәмийинлеў миннетлемесин ықтыярый орынламаған әке ямаса анадан судтың шешиўши қарары ямаса буйрығына тийкарланып, алимент өндириў белгиленген.
Пуқаралық ислер бойынша Шымбай районлараралық судының өткен жылы октябрь айындағы буйрығына тийкарланып, Кегейли районында жасайтуғын О.К. еки перзентиниң материаллық тәмийнаты ушын алимент төлеў белгиленген болса да, қарыздар әке 50 миллион сум алимент пулын төлеўден бас тартқан.
Сол себепли бюроның Кегейли районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен әкеге ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилип, топланған ҳүжжетлер Жынаят ислери бойынша Кегейли районлық судына жиберилген.
Жынаят ислери бойынша районлық суды алимент төлеўден бас тартқан әкеге Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары менен 15 сутка қамақ жазасын тайынлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги