Президент: жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў ушын мәҳәллелердиң қәнигелесиўин тереңлестириў зәрүр

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2026-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Президентимиз жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў ушын мәҳәллелердиң қәнигелесиўин тереңлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Терең қәнигелескен мәҳәлледе турмыс абаданлығы бираз жоқары, социаллық жәрдем алыўшылар да 2 есеге аз.
Бүгинги күнде 903 “аўыр” мәҳәлледе 100 мың гектар қыйтақ жер ҳәм ижара жерлери бар. Егер ҳәкимлер “жетилик” пенен суў тәмийнатын жақсылап, туқым- нәл жеткерип, қәнигелесиўди системалы жолға қойса, ол жердеги адамлардың дәраматында, турмыс шараятында кескин өзгерис ислеў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Мәселен, Нишан районындағы Ақалтын мәҳәллесине насос пенен суў шығарылғаны ушын 25 жыл қыйтақ жерине егин екпеген 280 шаңарақ 50-60 миллион сум дәрамат ала баслады. Буны ислеген мәҳәлле халқы бүгин ишки жоллардың жағдайын жақсылаўды сорап атыр. Мәмлекетимиз басшысы ертең-ақ буған 1,5 миллиард сум ажыратыўды тапсырды.
– Мәрҳамат, және қайсы мәҳәлле баслығы өзи бас болып, халықтың көнликпесине қарап, аймақты қәнигелестирсе, шаңарақлардың дәраматын 3-4 есеге арттырса, жол, суў, суўғарыў тармағын жақсылаў ушын және 2 миллиард сумнан ажыратыўға таярман.
Бул мәмлекет ҳәм мәҳәлле арасында жаңа, өзине тән “социаллық шәртнама” системасы болады, – деди Президентимиз.
ӨзА