Студентлер арасында мәҳәлле бас режесин ислеп шығыў бойынша таңлаў жәрияланады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2026-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Аймақлардың бас режесин ислеп шығыў ушын Франция, Уллы Британия, Испания, Түркиядан қәнигелер алып келинбекте.
Бирақ өзимиздеги 18 жоқары оқыў орнында архитектура бағдарында жылына 7 мыңға шамалас қәниге таярланбақта.
Ҳәкимлер питкериўши студентлерди 903 “аўыр” мәҳәллениң бас режесине тартып, оларды сырт елли қәнигеге бириктирсе, бул жасларымыз ушын кәсиплик әмелият ҳәм тәжирийбе мектеби болатуғыны атап өтилди.
Студентлер арасында мәҳәллениң бас режесин ислеп шығыў бойынша таңлаў жәрияланады.
Бундай мәҳәллелерге жаңаша көринис алып келетуғын ең зор жойбарларды ислеп шыққан студентлер топарына 100 миллион сумнан сыйлық бериледи.
Бул арқалы заманагөй жас архитектор ҳәм урбанистлер корпусы қәлиплестирилетуғыны атап өтилди.
ӨзА