Президент: быйыл ҳәр бир министрлик ҳәм ҳәкимликтиң жумысы мәҳәлле менен байланысады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2026-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Президентимиз бар имканиятларды иске қосыў бойынша ҳәкимлер ҳәм “мәҳәлле жетилиги”не методикалық билим ҳәм тәжирийбе жетиспей атырғаны, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар болса оларға жәрдемлеспей атырғанын көрсетип өтти.
Арнасайда шарўашылық, Шўрчида банан жетистириў, Қувада әнар жетистириў, Бостанлықта пал ҳәррешилик бойынша халық ҳәм исбилерменлер жаратқан тәжирийбелер усындай қәнигелескен басқа да районлар ушын жақсы үлги бола алыўы мүмкин екени, бирақ буннан өнимли пайдаланылмай атырғаны атап өтилди.
– Бундай тәжирийбелер ҳәмме жерде бар. Бирақ оларды үйретип, қамтып алыўын кеңейтетуғын система жоқ! – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жуўапкерлерге бир айда жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық жоқары мәҳәллелердеги имканиятларды үйренип, оларға ең жақсы тәжирийбелерди алып кириў бойынша “методикалық қолланба” етип бериў тапсырылды. Ҳәкимлер болса орынларда буның орынланыўын шөлкемлестирип, адамларды жумыслы етиў, дәраматын көбейтиў, оларды қыйнап атырған мәселелерге шешим табыўға жуўапкер болады.
– Улыўма, быйыл ҳәр бир министрлик ҳәм ҳәкимликтиң жумысы мәҳәлле менен байланыстырылады, қабыл етилетуғын қарарлар да мәҳәлледе не өзгеретуғыны нәзерде тутылады, – деди Президентимиз.
1 миллион халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў, кәмбағаллықтан жырақ мәҳәллелердиң санын 2,5 есеге арттырып, 3,5 мыңға жеткериў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты 4,5 процентке түсириў быйылғы жылға ўазыйпа етип белгиленди.
ӨзА