Президент: ҳәкимликтиң жумысына халықтың өзи баҳа берсин

11

Президентимиз қолда бар имканиятларды иске қосыў бойынша ҳәкимлер ҳәм “мәҳәлле жетилиги”не методикалық билим ҳәм тәжирийбе жетиспей атырғанын, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар болса оларға жәрдемлеспей атырғанын көрсетип өтти.

– Ҳәкимлер еситип алсын: бул қаржылар инфраструктураны жақсылаў арқалы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты 2 есеге қысқартыўға хызмет етиўи шәрт.

Усы район ҳәкимлери халқына мүрәжат етеди. Қайсы мәҳәлледе неше адамды жумыслы етип, қанша шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыўын мәҳәлле-мәҳәлле жүрип түсиндиреди.

Сонша қаржы бергеннен кейин район ҳәкими халықтың алдында жуўапкершиликти алып, жуўап берсин. Ҳәкимликтиң жумысына халықтың өзи баҳа берсин, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Енди аймақларды санаат, аўыл хожалығы ҳәм сервистеги “салыстырмалы үстинлиги”нен келип шығып раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул системаны Фурқат ҳәм Дийқанабад районлары мысалында түсиндирип берди.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине 70 район ҳәм 1 мың “аўыр” мәҳәллениң “салыстырмалы үстинлигин” таллап, жумыс орны ҳәм дәраматын көбейтиўге түртки беретуғын инфраструктура жойбарлары бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў ҳәм қаржыландырыўды баслаў тапсырылды.

Ҳәр бир районда 5-10 мәҳәллени байланыстыратуғын 1-2 гектарлық санаат зоналары ҳәм кластерлер шөлкемлестирилип, 100 мың адам ушын жумыс орынлары жаратылатуғыны белгиленди.

ӨзА