Президент: Мәҳәлле реформа қай жерде ислеп атырғанын да, қай жерде тоқтап атырғанын да анық көрсететуғын орын

17

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2026-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Өткен бир жылда 366 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шыққаны, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў тараўында исленген илажлар себепли кәмбағаллық дәрежеси 8,9 проценттен 5,8 процентке, жумыссызлық болса 5,5 проценттен 4,8 процентке түсти.

– Булардың барлығы – реформаларымыздың нәтийжеси болып, мәмлекет ҳәм халық арасындағы исеним барған сайын беккемленип атырғанынан дерек береди.

Бирақ еле ислейтуғын жумысларымыз көп. Биз 2026-жылды “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы”, деп жәриялап, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў бойынша үлкен ўазыйпаларды белгилеп алдық.

Себеби мәҳәлле бул – реформа қай жерде ислеп атырғанын да, қай жерде тоқтап атырғанын да анық көрсететуғын орын. Мәҳәлледе жумыссыз адам ҳәм кәмбағал шаңарақ сақланып қалған болса, демек, реформа сол жерге жетип бармаған. “Жетилик” ҳәм банкир адамлардың машқаласын шешпей атырған болса, демек, бул жерде система ислемей атыр.

Ҳеш бир министр, ўәлаят, район ҳәкими, банкир “жетилик”ти бәнелеўге ҳақысы жоқ. Имканият ҳәм қаржы бар, қарар ҳәм бағдарлама бар. Жетиспей атырған нәрсе – жуўапкершилик, жеке жуўапкершилик, – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА