Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша видеоселектор мәжилиси басланды

15

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2026-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Мәмлекетимиз басшысы күн тәртибиндеги мәселелерге өтиўден алдын 2025-жылдың жуўмақларына қысқаша тоқтап өтти.

Өткен жылы экономикамыз дәслепки прогнозға салыстырғанда әдеўир жоқары, яғный 7,7 процентке өсип, жалпы ишки өним көлеми 147 миллиард доллардан артқаны атап өтилди.

Экономиканың барлық тармақларында өсиў пәтлери 2024-жылдағыдан жоқары болды. Тартылған сырт ел инвестициялары 43 миллиард долларға, экспорт көлеми 33,8 миллиард долларға жетти.

Жоқары экономикалық белсендилик, өсип атырған тутыныў талабына қарамастан, инфляция дәрежеси 2024-жылдағы 9,8 проценттен 7,3 процентке төменледи.

– Не ушын бул санларды айтып атырман? Себеби экономикалық өсиў қаншелли турақлы болса, инфраструктураны жақсылаўға көбирек қаржы кетеди. Бул ақыр-аяғында бәнтлик, дәрамат ҳәм турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етеди, – деди Президентимиз.

 

ӨзА