Өзбекстанда илимий лабораториялар ушын жасалма интеллектке тийкарланған бирден-бир платформа иске қосылады

Өзбекстанда илимий-изертлеў жумысын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли баслама әмелге асырылмақта. Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен мәмлекеттеги илимий лабораториялар ҳәм изертлеў инфраструктуралары ушын жасалма интеллектке тийкарланған бирден-бир илимий платформа ислеп шығылмақта.
Бул платформа республика бойынша барлық илимий-изертлеў инфраструктуралары ҳаққындағы мағлыўматларды бирден-бир орайласқан мәлимлеме ресурсында жәмлеп, оларды нәтийжели басқарыў имканиятын жаратады. Бул арқалы илимий шөлкемлер арасында информациялық алмасыў әпиўайыласып, илимий ресурслардан пайдаланыў дәрежеси арттырылады.
Платформа шеңберинде жасалма интеллект технологиялары жәрдеминде илимий инфраструктуралардан пайдаланыў нәтийжелилигин прогнозлаў ҳәм оптималластырыўға байланыслы таллаўлар әмелге асырылады. Бул болса илим ҳәм инновациялық жумыс пенен шуғылланыўшы шөлкемлер ушын ўақыт ҳәм материаллық ресурсларды үнемлеў имканиятын береди.
Сондай-ақ, жаңа система тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, илимий мәкемелер арасында бирге ислесиў байланысларын беккемлеўге хызмет етиўи күтилмекте.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, платформа илимий излениўлердиң сапасын арттырыў, қайта қәрежетлерди азайтыў және республиканың түрли аймақларында жумыс алып барып атырған илимий лабораториялардың потенциалынан толық ҳәм мақсетли пайдаланыўға тийкар жаратады.
Жасалма интеллект технологияларына тийкарланған бул платформа Өзбекстанда илимниң санлы келешегин қәлиплестириў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып, оны усы жылдың декабрь айында иске қосыў режелестирилген.
Хамроз Баянов,
ӨзА