Австриялы сыйыр өзин таяқ пенен қасыўды үйренип, илимпазларды таң қалдырды

16

Бул сыйырлар тәрепинен әсбаптан саналы түрде пайдаланыў бойынша дизимге алынған биринши жағдай. Ийесиниң атап өтиўинше, сыйыр дерлик он жылдан берли арнаўлы “қасыў таяғы”н излеп табады: денесин таяқтың өткир ушы менен, арқасын болса кең жағы менен қасыйды.

Биологлардың пикиринше, бундай ис-ҳәрекет сыйырлардың интеллекти алдын болжанғанынан әдеўир жоқары екенлигинен дерек береди.

Буған шекем әсбаплардан пайдаланыў тек ғана приматлар, пиллер, ғарғалар ҳәм дельфинлер сыяқлы жоқары интеллектли ҳайўанларға тән деп есапланған. Сыйырдың таяқтың еки ушын еки түрли мақсетте пайдаланыўы онда “себеп ҳәм ақыбет” байланысын түсиниў қәбилетине ийе екенлигин көрсетеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги