Өзбекстанда шаңарақты беккемлеў, ҳаял-қызларды қорғаў ҳәм гендер теңликке әҳмийет қаратылмақта

Сенатқа “БМШ-ҳаял-қызлар” структурасының Өзбекстандағы мәмлекетлик бағдарлама менеджери Зелиха Уналди келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстанның “БМШ-ҳаял-қызлар” структурасы менен бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, мәмлекетте гендер теңликти алға қойыў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бойынша гезектеги илажлар додаланды.

Өзбекстан шаңарақ институтын беккемлеў, ҳаял-қызларды ҳуқықый қорғаў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў мәселелерине тийкарғы әҳмийет қаратылып атырғаны атап өтилди.
Бул бағдарда “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм 2030-жылға шекем мөлшерленген Гендер теңликке ерисиў миллий стратегиясын әмелге асырыў, нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық имканиятларын кеңейтиў, ҳәр қандай кемситиўлерге жол қоймаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Ушырасыўда 2026-жылы Өзбекстан басшылық етип атырған Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўин раўажландырыў перспективалары да додаланды.
“Гендер зорлыққа қарсы 16 күнлик жедел ҳәрекетлер” кампаниясының жуўмағына байланыслы усыныс ҳәм басламалар тийкарында келешекте бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша да пикир алысты.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм гендер теңликти раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.
Н.Абдураимова,
ӨзА