Сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың басшылары жаслар менен ушырасты

Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының басшыларының қатнасыўында жаслар менен ушырасыў болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда 1500 орайлық ҳәм аймақлық студиялардан жаслар қатнасты.
Ушырасыў даўамында жаслар өз пикир ҳәм басламаларын билдирди, сораў-жуўап сессиясы арқалы халықаралық бирге ислесиў ҳәм дипломатиялық жумыс мәселелери додаланды.
Бул ушырасыў жаслардың сыртқы сиясат ҳәм дипломатиялық жумысқа болған қызығыўшылығын арттырыў, олардың халықаралық процесслер ҳаққындағы билим ҳәм көзқарасларын кеңейтиў, сондай-ақ, жаслардың пикир ҳәм басламаларын тиккелей дипломатлар арқалы тыңлаў ҳәм қоллап-қуўатлаўға хызмет етти.
Илаж жасларды дипломатиялық жумысқа қызықтырыў, жетекшилик ҳәм қарым-қатнас көнликпелерин раўажландырыў және олардың Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын арттырыўдағы қатнасын күшейтиўге қаратылды.
Гулноза Бобоева, Ойбек Пардаев (суўрет), ӨзА