Дүньяның ең қымбат брендлери жәрияланды

17

Brand Finance дүньяның 2026-жылдағы ең қымбат брендлери рейтингин жәриялады.

Рейтингти Apple басқармақта – технологиялар гиганты 607,6 млрд долларға баҳаланды. “Apple бренди 6 процентке қымбатлады,” – делинеди Brand Finance есабатында.

Буннан да жоқары қымбатлаўға Microsoft еристи. Рейтингте екинши орынды ийелеген компания бренди 565,2 млрдға баҳаланды. Үшинши орында – Google (433,1 млрд доллар).

Кейинги орынларда: Amazon (369,9 млрд доллар) ҳәм Nvidia (184,3 млрд доллар). Брендлер рейтингинде өткен жылы тоғызыншы орынды ийелеген Nvidia еки есе қымбатлап, TikTok, Walmart, Samsung ҳәм Facebookти артта қалдырды.

Сондай-ақ, аналитиклер YouTubeты дүньядағы ең күшли бренд деп есаплады, WeChat (Қытай) бул бойынша екинши орында. “Күшлилер” рейтингинде Google ҳәм LEGOни  қуўып өткен Microsoft үшинши орынды ийеледи.

Ең қымбат брендлердиң ярымынан көби АҚШ компанияларына тийисли, 15 проценти – Қытай, 5,6 проценти – Германия брендлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги