Кибержынаятлардың саны 68 есеге көбейген

Бүгин мәмлекетимизде 31 миллионнан аслам халық интернеттен пайдаланбақта. Соның менен бирге, кейинги бес жылда елимизде кибержынаятлар саны 68 есеге көбейген. 2025-жылдың өзинде 46 мыңнан аслам кибержынаят анықланған. Олар арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген материаллық зыян 1,2 триллион сумнан артқан. Бул санлар да мәмлекетлик уйымлардан усы тараўға кеңирек итибар қаратыўды ҳәм зәрүр илажларды көриўди талап етпекте.
Усы жыл 13-январь күни Президентимиздиң басшылығында болып өткен Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын санластырыў шараятында киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм миллий санлы инфраструктураның турақлылығын беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилип, жуўапкерлерге шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳәм санлы системалардың қорғалыўын тәмийинлеў бойынша комплексли илажларды белгилеў ўазыйпасы тапсырылды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Халықаралық ислер, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен шөлкемлестирилген “Киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм миллий санлы инфраструктуралардың турақлылығын беккемлеўдеги тийкарғы ўазыйпалар” атамасындағы дөгерек сәўбетинде киберқәўипсизликти тәмийинлеў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиў, сондай-ақ, шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳәм санлы мәлимлеме қорғалыўын тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Илажда бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларға байланыслы баянатлар тыңланды.
Дөгерек сәўбети қатнасыўшылары тәрепинен шахсқа байланыслы мағлыўматлар менен ислесиўде киберқәўипсизлик талапларын жетилистириў, тараўдағы ҳуқықбузарлықлар ушын жаза илажларын күшейтиў, оның профилактикасына итибарды күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Кибержынаятшылықтың жаңа түрлерине қарсы нәтийжели гүресиў, ҳуқық қорғаў уйымларының кибержынаятларға қарсы гүресиў жумысының нәтийжелилигин арттырыў, олардың өз-ара бирге ислесиўин күшейтиў зәрүрлигине итибар қаратылды.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА