Өзбекстан санааты 2025-жылы 1,1 квадриллион сумға жетти

6

Соңғы жыллары Өзбекстан экономикасында санаат тармағы жетекши тараўлардан бири сыпатында қәлиплесип бармақта. Өндирислик қуўатлықларды кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў нәтийжесинде санаат көлемлери избе-из өспекте.

Миллий статистика комитетиниң дәслепки мағлыўматлары да 2025-жылы мәмлекет санаатында жоқары өсиў пәтлери сақланып қалғанын көрсетпекте. Оған бола, 2025-жылы Өзбекстанда санаат өнимлериниң көлеми 1,1 квадриллион сумды қурады.

Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 6,8 процентке өсиўди аңлатады. Халықтың жан басына санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми республика бойынша 29,1 миллион сумға тең болды. Бул көрсеткиш экономикалық жумыстың турақлы өсиўин ҳәм халықтың өндирислик потенциалының өсиўин сәўлелендириўши әҳмийетли индикатор болып есапланады. 2026-жыл 1-январь жағдайына бола, республикамызда 59,8 мың санаат кәрханалары жумыс алып бармақта.

Бул кәрханалар түрли тараўларда өндиристи әмелге асырмақта. Тоқымашылық ҳәм кийим-кеншек санааты, азық-аўқат санааты, машина қурылысы ҳәм металлургия, химия ҳәм фармацевтика санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўлары сольардың қатарына киреди.

Санаат көлеминиң өсиўи тийкарынан өндирислик қуўатлықларды модернизациялаў, инвестициялық жойбарлар, сондай-ақ, социаллық ҳәм экономикалық бағдарламалардың нәтийжелилигине байланыслы. Бул өз гезегинде ишки базарды қанаатландырыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиўге хызмет етпекте.

Экспертлердиң атап өтиўинше, санааттың турақлы өсиўи экономикалық раўажланыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм республика экономикасын диверсификациялаў ушын айрықша әҳмийетке ийе.

Ш.Маматуропова,

ӨзА