Трамптың Давостағы шығып сөйлеген сөзине қысқаша түсиник (+видео)

14

АҚШ президенти Дональд Трамп Давоста шығып сөйлеген сөзинде Европа энергетика сиясатын сынға алды, НАТО жумысына гүман билдирди ҳәм Гренландия ҳаққында тарийхый даўларды алға қойды. Euronews Трамптың баянатларын фактлер тийкарында тексерди. Солардан айырымларына итибар бериң.

Трамп өзиниң шығып сөйлеген сөзинде НАТО АҚШ ушын ҳеш қашан пайда келтирмегенин айтты. Бирақ, әмелде АҚШ 2001-жыл 11-сентябрь ҳүжимлеринен кейин НАТОның 5-статьясына мүрәжәәт еткен бирден-бир мәмлекет болып, аўқамласлар разведка, қәўипсизлик ҳәм терроризмге қарсы операциялар арқалы жәрдем көрсеткен.

Сондай-ақ, АҚШ ҳеш қашан НАТО бюджетине 100 процент қаржы төлемеген, соңғы жыллары оның үлеси шама менен 15 процентти қураған. Трамптың Германияда электр энергиясының баҳасы 2017-жылға салыстырғанда 64 процентке артқаны ҳаққындағы билдириўи де тастыйықланбады. Рәсмий мағлыўматларға бола, 2017-жылдан 2025-жылға шекем үй хожалықлары ушын электр баҳасы шама менен 29-31 процентке артқан. Баҳалардың кескин көтерилиўи болса, 2022-2023-жылларда, яғный Россия-Украина урысынан кейин газ тәмийнатының қысқарыўы менен жүз берген.

Трамп Уллы Британияда энергия ислеп шығарыў үштен бирге түсип кеткенин айтты. Рәсмий мағлыўматлар ислеп шығарыў ҳақыйқатында да 1999-жылға салыстырғанда шама менен 66 процентке азайғанын көрсетеди, бирақ бул Арқа теңизде нефть ҳәм газ резервлериниң тәбийғый түрде таўсылып атырғаны менен түсиндириледи. Трамп екинши президентлик мүддетинде сегиз урысты жуўмақлағанын айтқан. Ол айырым келиспеўшиликлерде дәлдалшылық еткен болса да, көп жағдайларда келисимлер толық әмелге аспаған ямаса келиспеўшиликлер елеге шекем даўам етпекте. Айырым келиспеўшиликлер болса урыс дәрежесине жетпеген.

Сондай-ақ, Трамп АҚШ Екинши жер жүзилик урыстан кейин Гренландияны Данияға “қайтарғанын” айтты. Негизинде болса АҚШ тек қорғаныў ушын жуўапкер болған, атаў үстинен суверенитет болса бәрқулла Данияға тийисли болып қалған. 1951-жылы АҚШ Даниянын Гренландия үстинен суверенитетин рәсмий тән алган.

Euronews жуўмағына бола, Трамп айырым ҳақыйқый фактлерге сүйенген болса да, оларды сиясий мақсетте әпиўайыластырып ямаса асырып көрсетеди. Солай етип өзиниң ҳәрекетлериниң дурыс екенлигин дәлиллеўге ҳәрекет етеди.

                        Кенжа Бекжонов, Искандар Исматов (видео), ӨзА