Ең жақсы инвестиция

22

Халқымызда “Не ексең, соны орасаң”, деген мәнили нақыл бийкарға айтылмаған. Себеби, ҳәр бир инсан ертеңги өмири бүгингисинен жақсырақ болыўы ушын умтылып жасайды. Бирақ, бул умтылыў ҳәр қыйлы адамларда түрлише.

Тәбийғый, турмыстың абаданлығын тәмийинлеўши ең әҳмийетли қураллардан бири бул пул есапланады. Бирақ оны да дурыс жумсаў көркем өнер. Себеби ҳәр қандай инвестиция да өзин ақлай бермейди. Соның ушын да ең абзал инвестиция неге киргизилиўи кереклиги ҳаққындағы сораў бәрқулла актуал.

Өзбек миллети әзел-әзелден өзиниң жоқары мәнаўияты ҳәм кең ой-пикири менен дүнья жүзинде даңқ таратқан. Буған уллы бабаларымыздың дүньяныӊ раўажланыўында өшпес из қалдырған илимий-ағартыўшылық мийрасы мысал. Өз-өзинен белгили, ең абзал инвестиция бул билимлендириўге киргизилген инвестиция.

Бурынғы совет сиясаты себепли бизиң тилимиз, мәдениятымыз ҳәм қәдириятларымыз аяқ асты етиле баслаған бир ўақытта миллетимиз қаҳарманлары есапланған ағартыўшы жадидлеримиз үлкен сахнаға шықты. Олар жасларды илимге тартыў ҳәм санасына миллет сүйиўшилик идеяларын сиңдириў арқалы миллетимиздиң өзлигин сақлап қалыўға үлкен үлес қосты.

Бул жолда олар жаңа система тийкарында мектеплер ашыў, орынларда театрлар сахналастырыў арқалы халықтың санасын өсириўге бар имканиятларын иске салды.

“Мектеп сизди инсан етер,

Мектеп өмир саўға етер

Мектеп дәрти ўайран етер

Ғайрат салып оқың, уғлан!” деп шақырған еди жадидшилик ҳәрекетиниң белсенди ағзасы Абдулла Авлоний.

Жаңа Өзбекстанның бүгинги сиясаты да тәлим-тәрбияны биринши дәрежеге көтерди. Жаслар, атап айтқанда, ҳаял-қызлардың билим алыўына айрықша итибар қаратылып, олардың оқыўы, турмыс тәризин жақсылаў ушын зәрүр болған қәрежетлердиң үлкен бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап берилетуғыны жолға қойылды.

Соның ишинде, студентлер ижара ҳақысының 50 процентине шекем, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан ямаса майыплығы болған шахслар төлем шәртнамасының 50 процентин бүгинги күнде мәмлекет төлеп бермекте. Буның нәтийжесинде елимиздиң билимлендириў системасы избе-из раўажланып атырған мәмлекет сыпатында дүнья рейтинглеринде тән алынбақта.

Көринип турғанындай, мәмлекетимиз басшысының басшылығында Үшинши Ренессансқа қарай қәдем таслаўдың тийкарғы өлшеми бул билимлендириў. Солай екен, бул муқаддес ўазыйпаны орынлаўда ҳәр бир ата-ана, ҳәр бир перзент өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен орынлаў арқалы үлеслерин қосыўы шәрт. Сонда ғана уллы ата-бабаларымызға мүнәсип перзент, келешек әўлад ушын болса мүнәсип жолбасшы бола аламыз.

Шербек Исломов, ӨзА