Өзбекстан – Пакистан бизнес-форумы болып өтеди

Усы жылдың 5-6-февраль күнлери Пакистан Ислам Республикасы Исламабад қаласында Өзбекстан – Пакистан бизнес-форумы ҳәм “Made in Uzbekistan” көргизбеси өткериледи.
Мәмлекетимиз Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң мағлыўматына бола, бул илаж еки мәмлекеттиң рәсмий ҳәм бизнес жәмийетшилиги ўәкиллери арасында тиккелей сөйлесиў орнатыў ушын нәтийжели майдан жаратады. Сондай-ақ, өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў, инвестиция тараўында пикир алысыў ҳәм саўда-экономикалық байланыслардың көлемин және де кеңейтиў имканиятын береди.
Әнжуман шеңберинде республикамыздың инвестициялық потенциалы, елимизде сырт ел инвесторларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде жаратылған шараятлар, қолайлық ҳәм механизмлер таныстырылады. Сырт елли шериклер ушын және де қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў перспективасы додаланады.
“Made in Uzbekistan” көргизбесинде болса экспортқа бағдарланған, байланысларды тереңлестириўге қаратылған миллий ислеп шығарыўшыларымыздың өнимлери көрсетиледи.
Г.Сатторова, ӨзА