Гренландия бойынша келисимге ерисилди

АҚШ Президенти Дональд Трамп Гренландия мәселесинде НАТО Бас хаткери Марк Рютте менен келисип алынғанын мәлим етти. Сондай-ақ, Европа мәмлекетлерине қосымша бажы енгизилмейтуғынын да тастыйықлады.
Бизге белгили, Трамп алдын Дания, Норвегия, Швеция, Франция, Германия, Уллы Британия, Нидерландия ҳәм Финляндиядан АҚШқа жиберилетуғын өнимлерге 1-февральдан 10 процент, 1-июньнен болса 25 процент салық салыныўын айтқан еди. Бул қарарын Америка жетекшиси Гренландия бойынша келисимге ерисилмей атырғаны менен түсиндирилген еди.
НАТО Бас хаткери Марк Рютте Давоста өтип атырған Жәҳән экономикалық форумы шеңберинде ARD телеканалының хабаршысына тема бойынша түсиник берип, “Президент Трамп жәриялаған мағлыўмат ҳақыйқатқа толық сәйкес келетуғыны”н атап өтти.
Д.Ҳакимов, ӨзА