Президент Мүрәжаты ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў мәселелери додаланды

14

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатын ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған семинар болып өтти.

Илажда Республикалық жумысшы топар ағзалары – “Маърифат” үгит-нәсиятлаўшылар жәмийетиниң ағзасы, профессор Н.Жўраев, юридика илимлериниң докторы Ф.Муҳиддинова, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң басқарма баслығы Т.Нарзуллаев ҳәм Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамының бөлим баслығы И.Дастановлар баянатлары менен қатнасты.

Семинар даўамында Президентимиздиң Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў потенциалын буннан былай да беккемлеў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Қатнасыўшылар тәрепинен тема шеңберинде бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.


Семинарда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының районлық, қалалық бөлимлериниң баслықлары, “Маърифат” үгит-нәсиятлаўшылар жәмийетиниң ағзалары ҳәм мәҳәлле жетилиги белсендилерине өз аймақларында усы бағдарларда үгит-нәсият жумысларын системалы ҳәм кең көлемде шөлкемлестириў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги