Европа басылымы Өзбекстанда исбилерменлик орталығы жаңа басқышқа шыққанына итибар қаратты

Кейинги жыллары Өзбекстан экономикасында бақланып атырған өзгерислер халықаралық экономикалық топарлардың итибарын барған сайын көбирек тартпақта. Усы мәнисте Германияның экономикалық бағдарда мақалалар жәриялап баратуғын абырайлы басылымы есапланған “Ostwirtschaft.de” бул рет Өзбекстандағы исбилерменлик орталығы, жаңаланыў процесслерине айрықша итибар қаратты.
Дерек Өзбекстан Президенти жанындағы Статистика агентлиги мағлыўматына сүйенген ҳалда, 2026-жыл 1-январь жағдайына бола елимизде 474 мың 899 белсенди кәрхана ҳәм шөлкем бар екенин жоқары баҳалаған. Олардың салмақлы бөлеги коммерциялық тараўда жумыс алып бармақта. Соның ишинде, 407 мың 850 субъект тиккелей коммерциялық кәрханалар болып есапланады. Бул санлар мәмлекетте жеке меншик сектордың елеге шекем экономикалық раўажланыўда шешиўши орын ийелеп атырғанын көрсетеди, делинеди мақалада.
Анализшилердиң атап өткениндей, экономиканың тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши сыпатында киши ҳәм микро кәрханалар жетекшиликти сақлап қалмақта. Бул жағдай исбилерменлик кең халыққа сүйенген ҳалда раўажланып атырғанын аңлатады.

Дурыс, соңғы еки-үш жыл ишинде кәрханалар санында белгили дәрежеде қысқарыў бақланған. Атап айтқанда, 2023-жылы дизимге алынған рекорд дәрежедеги – 592 мыңнан аслам кәрхана көрсеткишинен кейин базарда тәбийғый таңлаў, яғный “фильтрлениў” процеси жүз берген. Германия қәнигелериниң пикиринше, бул тенденция муғдарлық өсиўден, турақлылық ҳәм бәсекиге шыдамлылыққа тийкарланған сапалы раўажланыўға өтиўди аңлатады.
Материалда тараўлық қурам да талланған. Әсиресе, Германия басылымын қызықтырған тәрепи сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалар санының кескин өсиўи болып табылады. Мағлыўматқа бола, бундай компаниялардың саны 18 мың 164 ке жеткен, бир жыл ишинде 22 проценттен артық өсиў атап өтилген. Кейинги бес жыл даўамында болса олардың саны дерлик еки есеге артқан.
Итибарлы тәрепи сонда, сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың дерлик 75 проценти толық сырт ел инвесторларына тийисли. Бул жағдай Өзбекстандағы инвестициялық орталықтың ашықлығы, ҳуқықый кепилликлер ҳәм инвесторлар ушын жаратылған шараятлардың нәтийжелилигинен дәрек береди, деп жазған дәрек.
Жуўмақ сыпатында германиялы аналитиклер Өзбекстан экономикасын жедел трансформация процесиндеги базар сыпатында баҳалап, сырт ел инвесторларының мәмлекет келешегине болған исеними избе-излик пенен беккемленип атырғанын атап өтпекте.
Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы