Жасалма интеллект жәрдеминде шахсқа тийисли мағлыўматларды нызамсыз қайта ислегени ушын жуўапкершилик белгиленди

2026-жыл 21-январьдағы нызам менен “Мәлимлемелестириў ҳаққында”ғы нызамға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.
Жасалма интеллект – инсанның билим ҳәм көнликпелерине еликлеў, өз бетинше үйрениў, шешимлерди излеў ҳәм анық ўазыйпаларды орынлаўда инсан интеллектуаллық жумысының нәтийжелери менен салыстырылатуғын нәтийжелерди алыў имканиятын бериўши технологиялық шешимлер комплекси.
Нызамға бола, инсанның ҳуқықы ҳәм еркинлигине байланыслы болған юридикалық әҳмийетке ийе қарарларды қабыл етиўде тек ғана жасалма интеллекттен пайдаланып жаратылған технологиялар тийкарында ислейтуғын мәлимлеме системаларының жуўмақларына сүйениў мүмкин емес.
Жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда шахсқа тийисли мағлыўматларға нызамға қайшы түрде ислеў бериў, оларды ҒХҚ, телекоммуникация тармақлары ямаса Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында тарқатыў – ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты ислеў қуралларын конфискациялап, БЕМниң 50 есесинен 100 есесине шекем (41 миллион 200 мың сумға шекем) жәрийма салыўға себеп болыўы белгиленди.
Н.Абдураимова, ӨзА