АҚШ “сая флот” пенен байланыслы және бир кемени конфискация етти

Гәп бүгин азанда Кариб теңизинде конфискация етилген “Sagitta” кемеси ҳаққында бармақта. Оны Қурама Штатлар қубла сәркардалығы “моторлы кеме” деп тәрийплеген.
Хабарларда атап өтилиўинше, конфискациялаў ҳеш қандай қарсылықларсыз әмелге асырылған. Украина разведкасы мағлыўматына бола, кеме РФның “сая флоты” қурамына киреди. Ол рус нефть өнимлерин тийкарынан Ҳиндстан ҳәм Қытайға тасыў ушын пайдаланылған.
Мағлыўмат орнында: “Sagitta” АҚШ, Уллы Британия, Канада, Швейцария, Австралия, Жаңа Зеландия ҳәм Украина тәрепинен санкцияға ушыраған.
С.Раҳимов, ӨзА