Экстернат тәртибинде мәмлекетлик аттестацияда қатнасыў ушын арзалар қашаннан қабыл етилиўи айтылды

Экстернат тәртибинде жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияда қатнасыў ушын арзалар усы жылдың 1-февралынан қабыл етиледи. Бул ҳаққында Билимлендириў қадағалаўы Телеграм-каналы мағлыўмат берди.
Онда айтылыўынша, 2025-2026-оқыў жылында Экстернат тәртибинде жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация өткерилетуғын мектеплер белгиленген.

Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен тастыйықланған Регламентке муўапық, Экстернат тәртибинде жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияда қатнасыў ушын арзалар:
- усы жылдың 1-февралынан 1-апрелине шекем (сол күни де) Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы «my.gov.uz» арқалы қабыл етиледи.
- 9-класс ушын – тийисли жылда 17 жасқа толған;
- 11-класс ушын – 19 жасқа толған ҳәм оннан үлкен жастағы мәжбүрий улыўма орта билимлендириўге тартылмаған пуқаралар арза бериўи мүмкин.
Арза бериў ушын мектеп ямаса министрликтиң аймақлық бөлимлерине барыў шәрт емес. Бул мәмлекетлик хызмет бийпул әмелге асырылады.
Мағлыўмат ушын, пуқаралар ҳәзирде турақлы (ямаса ўақтынша) жасап атырған аймақтағы экстернат мектепке онлайн арза жибериўи мүмкин.
Қарақалақпақстан хабар агентлиги