Минерал ресурслар тараўында әмелге асырылып атырған жойбарлардың нәтийжелери додаланды

Таў-кән санааты ҳәм геология министри Бобур Исломов ҳәм “MTA Tashkent Mining” компаниясы директоры Рамазан Сари арасында ушырасыў болып өтти.
Онда тәреплер тараўда биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлардың нәтийжелери ҳәм перспективалы режелерди додалады.
Атап өтилгениндей, таў-кән санааты ҳәм геология тараўы мәмлекет экономикасының стратегиялық бағдары болып есапланады. Ол инвестицияларды тартыў, заманагөй технологиялардан пайдаланыў ҳәм тәбийғый ресурсларды нәтийжели басқарыў арқалы турақлы экономикалық өсимди тәмийинлейди. Бул процессте бирге ислесиў әмелий нәтийжелер береди. Соған бола, министрлик “MTA Tashkent Mining” компаниясы менен бирге ислесиўди беккемлеў де үлкен әҳмийетке ийе.
Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, бул компания Түркияның Минерал изертлеўлер ҳәм разведка бас басқармасы (МТА) менен биргеликте жумыс алып барып атырған шөлкем болып, тийкарынан минерал ресурсларды үйрениў, геологиялық изертлеўлер ҳәм қазыў жойбарларын әмелге асырыў менен шуғылланады. Ол тәбийғый ресурсларды излеў ҳәм баҳалаўда және перспективалы майданларда инвестициялық жойбарларды раўажландырыўда белсене қатнасады. Бул болса тәреплер арасында бирге ислесиў перспективаларын белгилеўде үлкен имканият болып есапланады.
Сондай-ақ, ушырасыўда тараўға инвестицияларды тартыў, перспективалы майданлар ҳәм жер участкасындағы имканиятларды онлайн аукцион арқалы исбилерменлерге усыныс етиў және Өзбекстан Республикасының “Жер асты ҳаққында”ғы жаңа редакциядағы нызамында инвесторлар ушын берилип атырған жеңилликлер ҳәм усыныслар ҳаққында пикир алысылды.
Сөйлесиў жуўмағында еки тәреп арасында бирге ислесиўдиң алдағы режелери белгилеп алынды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА