НМПИ студентлери питкериў-қәнигелик жумысларын қорғамақта

21

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Тәбийғый пәнлер факультетинде биология кешки тәлим бағдарының питкериўши студентлериниң питкериў-қәнигелик жумысларын қорғаў процеси болып өтпекте.

– Факультетимизде быйылғы жылы бакалавриаттың химия ҳәм биология қәнигеликлеринде кешки тәлим бағдарлары бойынша тийисли билимлендириў бағдарламаларын толық тамамлаған ҳәм оқыў режесинде нәзерде тутылған барлық сынақлардан нәтийжели өткен улыўма 56 студент питкерип шықпақта, – дейди факультет деканы Қаржаўбай Реймов. – Соннан 48 студент қәнигелик пәнлерден жазба түрде мәмлекетлик аттестациялық сынақларын табыслы тапсырды. Бүгин биология тәлим бағдарының 8 студенти питкериў-қәнигелик жумысларын қорғамақта.

Бул процессте студентлер оқыў даўамында ийелеген теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелерди илимий-излениўлер арқалы көрсетиўге ҳәрекет етпекте.


Қорғаў процеси белгиленген кесте тийкарында, тәжирийбели профессор-оқытыўшылардан ибарат мәмлекетлик аттестациялық комиссиясы қатнасыўында шөлкемлестирилмекте. Студентлер өз питкериў жумысларында таңлаған темаларының әҳмийети, илимий жаңалығы ҳәм әмелий зәрүрлигин тийкарлап, комиссия ағзаларының сораўларына толық жуўап бермекте.

Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, быйылғы жылы институтта бакалавриаттың математика ҳәм информатика, физика, химия, сондай-ақ, биология кешки тәлим бағдарлары бойынша улыўма 111 студент питкерип шығыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги