ChatGPT кириў имтиханында тоғыз пәннен ең жоқары балл алды

OpenAI компаниясы тәрепинен ислеп шығылған ChatGPT чат-боты Япония университетлерине кириў имтиханында тоғыз пәннен ең жоқары балл топлады. Жасалма интеллект системаларын салыстырмалы сынақтан өткерген LifePrompt компаниясы бул ҳаққында өз есабатында мәлим етти.
Изертлеўде ChatGPT, Gemini ҳәм Claude Opus жасалма интеллект модельлери қатнасты. Имтихан жуўмақларына бола, ChatGPT 15 пәнниң 9 ынан ең жоқары балл топлады, оның жуўапларының орташа анықлығы 97 процентке жетти. Ең жоқары балл математика, информатика, химия, физика, биология, сиясат ҳәм экономика бағдарларында белгиленди.
Anthropic компаниясы тәрепинен ислеп шығылған Claude Opus модели үш пән бағдарында максимал балл топлады. Google Gemini еки темада айрықша нәтийжени көрсетти.
ChatGPT дың ең төмен нәтийжеси япон тилинде болды – жуўапларының 90 проценти дурыс. Изертлеўшилер буны көркем текстте қаҳарманлардың емоционаллық жағдайлары ҳәм олардың ҳәрекетлерин талқылаўдағы қыйыншылықлар менен байланыстырды.
LifePrompt төрт жылдан берли усындай имтиханлар өткерип келмекте. 2024-жылы ChatGPT сораўлардың орташа 66 процентине дурыс жуўап берген еди. Кейинги жылы көрсеткиш 91 процентке, быйыл 97 процентке жетти – модельдиң жумыс сапасы жүдә жақсыланып бармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги